Жақында пайтахтымызда улыўма билим бериў мектеплериниң қәбилетли, билимли оқыўшылары арасында пән олимпиадасының Қарақалпастан Республикалық басқышы өткерилди.

Быйылғы жылғы пән олимпиадасы усы жыл 23-24-март күнлери жәми 528 11-класс оқыўшылары,  25-26-март күнлери жәми 534 10-класс оқыўшылары, 26-27-март күнлери жәми 580  9-класс оқыўшылары арасында өткерилип, оған 1642 улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары белсендилик пенен қатнасты.

– Пән олимпиадасының быйылғы жылғы басқышы әдил, ашық-айдынлықты тәмийинлеген ҳалда шөлкемлескенлик пенен, жоқары дәрежеде өткерилди, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиниң республикалық оқыў-методикалық  орайы директоры орынбасары Айбек Дәўлетбаев. – Пән олимпиадасында оқыўшылардың олимпиада процесин толық қадағалап барыў мақсетинде павилонларда өткерилиўи тәмийинленди ҳәм биринши мәрте оқыўшылардың жазба жумыслары ҳәм тест тапсырмаларын шешиў процесслери онлайн трансляция етилип, ата-аналары, устаз-оқытыўшылары оларды көрип турыў имканиятына ийе болды.

Солай етип, олимпиада жуўмағында 9-класс оқыўшылары  арасында өткерилген пән олимпиадасында 580 оқыўшыдан ҳәр бир улыўма билимлендириў пәнлери бойынша  52 оқыўшы, 10-класс оқыўшылары арасында 534 оқыўшыдан 55 оқыўшы, 11-класс оқыўшылары арасында 528 оқыўшыдан 54 оқыўшы жеңимпаз деп табылды.

Аўызеки ҳәм жазба түскен наразалықлар төрешилер қурамы ағзалары ҳәм аппеляция комиссиялары тәрепинен сол жердиң өзинде үйренилип, додаланды.

Быйылғы пән олимпиадасында Нөкис қаласы, Төрткүл, Әмиўдәрья, Елликқала, Беруний ҳәм Қанлыкөл районлары белсендилик пенен қатнасты.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы