Өзбекстан 2018-жылы сырт еллерден 0,7 млн АҚШ долларына қурал-жарақ, оқ дәри ҳәм олардың бөлеклери және тийисли қуралларын сатып алды. Буннан алдынғы жыллары булар ушын 0,3 млн АҚШ доллары сарпланған, деп жазады «Халқ сўзи онлайн».

2018-жылы Өзбекстан 0,1 млн долларлық көркем өнер дөретпелери ҳәм өзгеше буйымларды импорт еткен. 2016- ҳәм 2017-жылларда сырттан бул бойынша ҳеш нәрсе сатып алынбаған.

Қымбат баҳалы болмаған металлар ҳәм олардан исленген буйымлар импортына да көбирек қаржы сарпланған. Бул бойынша 2016-жылы 1,2 млрд доллар, 2017-жылы 1,7 млрд доллар, 2018-жылы болса 2,4 млрд доллар қәрежет жумсалған.

Қымбат баҳалы метллар ҳәм таслар импортында да кескин өсиў бақланған. 2016-жылы буның ушын 0.4 млрд доллар сарпланған болса, 2018-жылы бул көрсеткиш 40,7 млн долларға жеткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги