Китап – инсанның ең садық досты ҳәм  сырласы болып есапланады.  Китап оқыў арқалы адамның ой-өриси кеңейип, сөз байлығы артады.

2-апрель сәнеси дүньяның көплеген мәмлекетинде «Халықаралық балалар китабы күни» сыпатында кеңнен белгиленеди.

Мине усы мүнәсибет пенен республикалық мәлимлеме – ресурс орайы балалар китапханасында «Китап-мәнаўий байлығымыз» атамасында байрам кешеси өткерилди.

Оған қалалық ҳәм районлық мәлимлеме-ресурс орайларының китапханашылары, орта улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.

Онда шығып сөйлегенлер, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси ҳаққында кең түрде атап өтти.

– Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен оқыўшылар арасында миллий ҳәм жәҳән әдебиятларын системалы үгит-нәсиятлаў арқалы олардың кеўлинде ўатансүйиўшилик, адамгершилик сыяқлы жоқары инсаныйлық сезимлерди қәлиплестириў мақсетинде мәлимлеме-ресурс орайында улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында усы жылдың февраль-май айларында көркем әдебиятларды оқыў ҳәм оларда  китапқумарлық мәдениятын арттырыў мақсетинде класс басшылары, ана тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшылары, китапханашылар ҳәм жаслар жетекшилери қатнасыўында «Китап ҳәптелиги» өткерилип келинбекте, – дейди  республикалық мәлимлеме – ресурс орайы балалар китапханасының илимий-методикалық бөлиминиң бас китапханашысы Алтынай Тилеўмуратова. – Ҳәптелик шеңберинде оқыўшылар ушын китап көргизбелери, китапларды үгит-нәсиятлаўшы сәўбетлесиў кешеси, ҳәр түрли қызықлы викториналық ойынлар шөлкемлестирилген.

Илажда Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм республикалық балалар китапханасы тәрепинен 28 атамадағы 30 әдебий китап  ҳәм 40 атамадағы 80 аудио китап республикамыздағы барлық қала ҳәм районлық мәлимлеме-ресурс орайларына бийпул тапсырылды.

Илаж қатнасыўшыларына Нөкис қалалық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Соң китап саўда орайлары тәрепинен китап ярмаркасы өткерилип, жыйналғанлар жаңа басылып  шыққан китаплар менен жақыннан танысты.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

(Мақаланың сүўретлери ӨзА фотохабаршысы М.Ҳабибуллаев тәрепинен түсирилген.)