Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалында 2018-жылдың ноябрь айында «Репортёрлар» клубы өз жумысын баслаған еди. Бул клубта семинар-тренинглер турақлы өткерилип келинбекте. Филиалдың баспасөз хызметиниң бизге берген хабарына бола, усы жыл 30-март күни филиалдың студент-жасларынан дүзилген «Репортёрлар» клубы ағзалары ҳәм Жаслар аўқамы филиал басланғыш шөлкеминиң белсендилери тәрепинен Мойнақ районына Медиа-тур шөлкемлестирилди.

Репортёрлар дәслеп райондағы «NavrUZ» этнофестивалы шеңбериндеги илажларда қатнасты ҳәм Мойнақтың бүгинги келбети болған «Мuynak city» жойбары, сондай-ақ, районда әмелге асырылып атырған үлкен қурылыс оңлаў жумыслары менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.