Танысың: Бекмурат Турдышев 1964-жылы Шымбай районында туўылған. 1992-жылы Моквадағы К.А.Тимирязов атындағы аўыл хожалығы академиясын питкерген. Аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты.

Өзиниң мийнет жолын райондағы «Бахытлы» хожалығында жумысшы болып ислдеўден баслаған. Соң Қарақалпақстан дийқаншылық илим-изертлеў институтында илимий хаткер болып иследи. Өндиристен қол үзбестен Ташкент қаласындағы Өзбекстан пахташылық илим-изертлеў институтында аспиратураға кирип, аўыл хожалығы илимлериниң докторы И.В.Массино ҳәм  аўыл хожалығы илимлериниң докторы, профессор У.Исмаиловлардың басшылығында илимий жумыс алып барды. Изертлеўлер нәтийжесинде 1997-жылы «Қарақалпақстан Республикасының арқа регионында жоңышқаны егиў мүддети, қаплаўшы егинниң нормасының зүрәәтлилиги ҳәм өнимдарлығына тәсири» деген темада кандидатлық диссертациясын табыслы жақлап шықты. Оның 30 дан аслам илимий мақалалары республикалық газета-журналларда, халық аралық илимий конференциялардың топламларында жарық көрди.

Кейинги жыллары институттың лаборатория баслығы, Шымбай районындағы «Ережеп уста» фермер хожалығының баслығы,  Нөкис районындағы «Рустем» фермер хожалығының илимий мәсләҳәтшиси, Қарақалпақстан дийқаншылық илим-изертлеў институты директорының орынбасары болып ислеп келди. Усы жылы февраль айынан баслап институт директоры лаўазымында ислеп келмекте.

-Институт илимпазлары тәрепинен өткен жыллар даўамында әмелге асырылған жумысларға тоқтап өтсеңиз!

-Усы күнге шекем илимпазларымыз тәрепинен ғаўашаның жаңа «Шымбай-3010», «Шымбай-4104», «Шымбай-3104», «Дослық-2», «Шымбай-5018» сортлары жаратылып, республикамыз аймағындағы 50-55 мың гектар майданға егилип келинди. Буннан тысқары, жоңышқаның «Қарақалпақ-15», судан шөбиниң «Чимбайская», «Юбилейная», «Чимбайская-8», айғабағардың «КК-60», гүнжиниң «Қаршыға» сортлары жаратылып, республикамыздың фермер хожалықларына усыныс етилди. Өткен еки жыл даўамында илимпазларымыз тәрепинен ғаўашаның «КК-3535», бийдайдың «Шымбай» ҳәм «Арал» сортлары жаратылып,  Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сорт сынаў участкаларында сынап көрилмекте. Бүгинги күни сояның Қарақалпақстанның ықлым шараятына бейимлескен жаңа сортларын жаратыў үстинде илимий жумыс алып барылмақта.

-Бүгинги күни қандай жойбарлар үстинде жумыс алып барылмақта?

-Ҳәзирги ўақытта илимпазларымыз тәрепинен 2018-2020-жылларға арналған үш әмелий, 2018-2019-жылларға арналған бир инновациялық ҳәм еки жаслар әмелий жойбарлары үстинде жумыс алып барылмақта. Аралбойы регионының ықлым шараятынан келип шыққан ҳалда, институтымызда жаратылған шорға шыдамлы, майлы егинлер сортларын Мойнақ районында сынап көриў ҳәм туқымгершиликти жолға қойыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы халықаралық инновациялық Орай менен биргеликте жумыс алып барыўды режелестирип отырмыз. Сондай-ақ, институттың тәжирийбе хожалығына  республикамызда егислик жерлердиң шорланыўының ҳәм топырақ өнимдарлығының төменлеп кетиўиниң алдын алыў, усындай жағдайларда егинлерден сапалы ҳәм жоқары өним алыў технологияларын ислеп шығыў, оны өндириске енгизиў бойынша жумыслар алып барып атырмыз.

-Басшы сыпатында жумысты неден баслап атырсыз?

-Соңғы жыллары республикамызда жазлық бийдай сортларын жаратыў, оның туқымгершилигин раўажландырыў жумыслары итибардан шетте қалған. Усы машқалаларды шешиў мақсетинде, февраль айында Жиззақ ўәлаятының Ғәллеарал илимий тәжирийбе орайында жаратылған жазлық бийдайдың «Семург» ҳәм «Замин-1» сортларынан 2 тонна элита туқым алып келинип, институтымыздың тәжирийбе хожалығында 8 гектар, райондағы «Бахытлы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Худайберген Айдана» фермер хожалығында 3 гектар майданға егилди ҳәм аўыл хожалығы тараўының, фермер хожалықлары басшыларының қатнасында көргизбели семинар кеңес өткерилди. Техника илимлериниң докторы, профессор, аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты Б.Бекбанов пенен биргеликте «Қарақалпақстан Республикасында жазлық бийдайды егип өсириў ҳәм оннан жоқары өним жетистириў технологиялары бойынша усыныс» ислеп шығылды ҳәм фермер хожалықларына тарқатылмақта. Мақсетимиз, жазлық бийдай туқымын шеттен алып келместен, келешекте өзимизде таярлаў болып табылады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыушысы.