Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа алдынғы сапары ўақтында барлық тараўларды раўажландырыў бойынша кең көлемли ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

Сол тапсырмалардың орынланыўы шеңберинде үлкен жумыслар әмелге асырылды. Жаңа санаат кәрханалары, исбилерменлик субьектлери шөлкемлестирилди. Локализациялаў дәрежеси ҳәм экспорт көлеми артты. Транспорт ҳәм сервис инфраструктурасы раўажланып, түристлердиң ағымы көбейди. Аўыл хожалығында пайдаланылмаған имканиятлар иске қосылды. Жаңа турақ жайлар, социаллық обьектлер қурылды.

Сапар даўамында Президентимиз берилген тапсырмалардың орынланыўы, әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен танысыўы, алдағы әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп бериўи режелестирилген.

Бул ҳаққында «Өзбекстан 24» каналында хабар берилди.

ӨзА