Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 30-31-март күнлери Мойнақ районында «NavrUZ» этнофестивалы болып өтеди.

New Muynak City каналының хабар бериўинше, этнофестиваль шеңберинде миллий гүрес бойынша жарыс шөлкемлестириледи. Оған Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларынан белгили палўанлардың қатнасыўы күтилмекте.

Сондай-ақ, фестивальдың концерт бағдарламасына халқымыз сүйген көркем өнер шеберлери, халық артистлери қатнасыўы жобаластырылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги