Бәҳәрде мийўе-овощларды гүз мәўсимине қарағанда әдеўир аз пайдаланғанымыз себепли шаршаўды сеземиз. Соған қарамастан бәҳәрде дәриханаларға барыўға асықпай турғанымыз мақул.

 Косметолог Шохиста Қодирова бул мәселеде усындай мәсләҳәт бермекте. – Өндирилген дәнли ҳәм собықлы өсимликлер қурамында калий, кальций, кремний, хром, селен, мыс, рух, темир, йод, В5, Е, С, D, Р витаминлери ҳәм фолий кислотасы көп муғдарда болады. 3 миллиметр узынлықта өндирилген ақ реңдеги бийдай майсасының шербетинен ярым-бир стаканнан ҳәр күни  тан сәҳәрде  аш қарынға бир ай даўамында пайдаланыў организмди артықша және зыянлы силекейлерден тазалайды.

Сондай-ақ, бийдай ширесинен таярланған нықап та пайдалы. Ондағы Е витамини гөззаллық дәреги болып, беттиң астындағы әҳмийетли ҳәм керекли клеткалардың пайда болыўына жәрдем береди. Беттеги жыйрықларды кетирип, терини ағартады. Бул витамин биз күнделикли пайдаланылатуғын көплеген кремлер қурамында да ушыратамыз.

Бул нықап терини ағартыў имканиятына да ийе. Ондағы C витамини бетиңиздеги  сепкиллер менен дақларды кетиреди. Егер де А витамини жетиспесе бәҳәрги ҳаўа-райының кескин өзгериўлери ақыбетинде беттеги тери қурғап, дағал ҳалға келеди.

Бийдай ширесинен таярланған нықап бетте 15 минут турады. Кейин жыллы суўда жуўып тасланады. Ҳәптесине еки мәрте пайдаланыў усыныс етиледи.

 

ӨзА