27-март cәнеси 1961-жылдан берли «Халықаралық театрлар күни» сыпатында  республикамыз бойлап ҳәр жылы көтериңкилик руўхта белгиленип келинбекте.

Усы жылы бул байрам өзгеше тәризде белгиленди. Елимизде биринши мәрте барлық театрларда 21-27-март күнлери  аралығында «Театр тамашалары ҳәптелиги» өткерилди.

Ҳәптелик шеңберинде барлық театрларда театр кийим-кеншеклери және декорациялары, китаплардың көргизбеси ҳәм дөретиўшилер менен ушырасыўлар болып өтти.

Байрам мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық  музыкалы театры жәмәәти ҳәптелик шеңберинде «Жамийла», «Тәнҳа жулдыз», «Лувр үйреги», «Гүл алмаған гөззаллар», «Муҳаббат самалы» спектакльлерин, хор топары ҳәм симфониялық оркестрдиң концертин тамашагөйлер нәзерине бийпул усынды.

Театрдың биринши, екинши қабатындағы фойесинде  спектакльлерден фото көринислер, спектакль макетлери, театр художниклериниң картиналарынан ибарат көргизбе қойылды.

Байрам мүнәсибети менен театрдың актёрлары  өзиниң өмир жолын театрға, көркем өнерге бағышлаған пидайы көркем өнер ғайраткерлери, устазлары менен ушырасты.

Онда шығып сөйлегенлер  бул тараўдың мақтанышлы ҳәм машақатлы дөретиўшилик жоллары, театрдың  бүгинги күндеги жетискенлигин кең түрде атап өтти.

– Елимизде театр өнерине болған итибар күшли. Бул болса бизлерди руўхландырып, еле де күш-ғайрат пенен дөретиўшилик жумыс ислеўге ийтермелейди, – дейди Өзбекстан көркем өнер ғайраткери, театрдың бас дирижёры Қурбанбай Заретдинов. – Театрымызда опера, балет, драма, музыкалы комедия, драма, сондай-ақ барлық жанрларда спектакльлер сахналастырылады. Бул ушын оркестр, хор топарлары, балет ҳәм актёрлар труппалары бар болып, керекли болған жақтыландырыўшы шырақлар, даўыс жазыў ҳәм грим үскенелери менен толық тәмийинленген. Репертуарымыз буннан былай да байып барады. Халқымыз ушын театр есиклери бәрқулла ашық. Тамашагөйлерди театрға шақырып қаламыз.

Буннан соң театрда узақ жыллардан берли ислеп киятырған хызметкерлерге «Ҳүрмет жарлық» лар тапсырылды.

Тамашагөйлер нәзерине К.Рахмановтың «Мухаббат самалы» музыкалы спектаклин қойып берди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы