Ҳәр айдың екинши он күнлиги Қарақалпақстан Республикасы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы, ўәлаятлық ҳәм аймақлық бирлеспелери, район (қала)лық жәмийетлери атқарыў аппараты баслықларының халық пенен пикирлесиў күнлери етип белгиленди.

Усы пикирлесиў күнлери шеңберинде олар ҳәр айда ең кеминде 5 мәртеден үйлерге жеке өзлери кирип, шаңарақ ағзалары менен тиккелей сәўбетлесип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша илажлар көреди.

Усы жылдың февраль айында Қарақалпақстан Республикасы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери  федерациясы, ўәлаятлық ҳәм аймақлық бирлеспелери, район (қала)лық жәмийетлери атқарыў аппараты баслықлары тәрепинен халық (пуқаралар) пенен жәми 1087 мәрте сөйлесиў шөлкемлестирилди.

Олардан 295 турақ жай коммунал, 186 саўда, 48 денсаўлықты сақлаў, 19 байланыс, 59 транспорт, 32 хызмет көрсетиў, 48 билимлендириў ҳәм 400 басқа тараўларға тийисли кемшиликлер ҳәм машқалалар анықланған.

Усы сөйлесиўлердиң 298и тийисли уйымларға көрип шығыў ҳәм керекли илажларды белгилеў ушын жиберилген.

ӨзА