Мағлыўматларға қарағанда, корольлик клубы президенти Флорентино Перес ҳәм клуб бас тренери Зинедин Зидан футболшыны сатып жибериўге қарар еткен. Футболшының қәлеўине қарамастан қарар өзгермейди. Бул ҳаққында Оламспорт хабар берди.

«Реал» Бэйл трансферинен көп қаржы топлап, бул пулларды басқа футболшыларды сатып алыўға жумсамақшы. Бирақ, ҳәзирше Бэйлдиң өзи ямаса оның агенти бул ҳаққында клубтан мағлыўмат алмаған.

29 жаслы Бэйл 2013-жылдың жазында 101 млн евроға «Тоттенхэм»нен «Реал»ға өткен еди. Быйылғы мәўсимде ол ЛаЛиганың 22 ойынында майданға түсип, 7 гол урды ҳәм 2 пас берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги