Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасында жөнелисли таксилердиң жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳақында»ғы қарары жойбарында усы мәселелер нәзерде тутылған.

 Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары порталында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында жөнелисли таксилердиң жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының жойбары жайластырылды.

Ҳүжжет жойбарына муўапық, 2019-жыл 1-июльден баслап:

  • физикалық шахсларға электрон платформа арқалы операторлар менен шәртнамалар дүзиў шәрти менен жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында төрт жолаўшы орнынан зыят болмаған сыйымлылыққа ийе жеңил автомобильде жолаўшы тасыў бойынша хызметлер көрсетиў ҳуқықы бериледи;
  • жөнелисли таксиде жолаўшылардың коммерциялық тасыўлар менен шуғылланыўшы жеке тәртиптеги исбилерменлерге лицензия (лицензия карточкаларын) бериў ушын мәмлекетлик бажы юридикалық шахслардың жеңил автмобильлери ушын белгиленген ставкадан бир ярым есе артық муғдарда төленеди;
  • нызамшылық пенен талап етилетуғын реңди жөнелисли таксиге боямаған ҳалда бериў ушын өзи жапысатуғын материаллар тийисли схема бойынша шахмат композициясын қолланыў арқалы есиклер, алдынғы капот ҳәм багаждың үстинги бөлегине жабыстырылады.

Соның менен бирге, жолаўшыларды жөнелисли таксиде коммерциялық тасыўлар менен шуғылланатуғын жеке тәртиптеги исбилерменлер төмендегилерге мәжбүр болады:

  • сыртқы және ишки безеў ҳәм экипировка, жөнелисли  таксилердиң бирден-бир белгилери менен үскенелеў бойынша талапларға әмел етиў (арнаўлы номер белгилеринен тысқары);
  • буйыртпалар (мүрәжат)ды көрсетиў функциялары, төлем терминаллары, таксометр есаплағышы, радиобайланыс қурылмасы ҳәм сапар суммасы бойынша жолаўшыларға мәжбүрий мағлыўмат бериўди тәмийинлейтуғын арнаўлы қосымшалардан пайдаланыў;
  • Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипте рейстен алдынғы тексериўден өткериў бойынша қәнигелескен орынларда рейстен алдын медициналық тексериў ҳәм автомобильдиң техникалық тексериўден өтиўин тәмийинлеў;
  • Сондай-ақ, жөнелисли такси сыпатында пайдаланыўға мөлшерленген жеңил автомобильлер ижарасын нотариаллық тастыйықлаў ҳаққындағы талапты бийкарлаў режелестирилмекте.

Жөнелисли таксилерде жолаўшыларды тасыў ушын лицензияға ийе болған юридикалық шахсларға аэропортлар, вокзаллар, автостанциялар, саўда орайлары, сондай-ақ, жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымларының жүргизиўинде болған орайлық базарлардағы автомобиль турыў орынларынан бийпул ипайдаланыў ҳуқықы берилиўи мүмкин.

 

ӨзА