Усы жылдың 25-март күни Нөкис районы Төк таў көшеси 8-жайдың малханасында өрт жүзеге келген. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Өрт қәўипсизлиги бас басқармасы ҒХҚ менен байланыслар бөлими хабар берди.

Ўақыя жүз берген орынға 2 өрт өшириў экипажы жетип барып, олардың оператив ҳәрекетлери нәтийжесинде өрт өширилген. 100 кв. метр майдан өрттен сақлап қалынған, өрттиң жасаў орнына өтип кетиўи, өрттен адамлардың дене жарақатын алыўы ҳәм қайтыс болыўы сыяқлы унамсыз ақыбетлерге жол қойылмады.  Өрт ақыбетинде 8-жайда жасайтуғын пуқара О.Узақовтың үйиндеги малхананың 60 кв. метрлик майдандағы ҳәм қоңсысы пуқара Б.Жаңабаеваның үйиндеги малхананың 30 кв. метрлик майдандағы төбеси ҳәм ол жерде сақланып атырған от-жемлер күйип зыянланған. Өрттиң келип шығыў себеби ҳәм материаллық зыян муғдары анықланбақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги