Белгиленген ҳуқық ҳәм қағыйдаларға муўапық, тутыныўшылар, саўда орынларынан сапасыз өнимлерди сатып алғаны анықланса, олар оны белгиленген мүддетте өзлерине қайтарса, сол түрдеги өнимди сапалы өнимге алмастырып алыўына ямаса сол баҳадағы басқа өнимди алыўына яки төленген ақшаны қайтарып алыўына болады.

Бирақ, усы қағыйдаларға бойсынбай, тутыныўшылардың ҳуқықларын писент етпей, ҳуқықбузарлыққа жол қойған саўда орынлары, оларға нызамға муўапық шара көрилгени туўралы сөз етилген бир қатар мақалалар жәрияланған болса да, бундай ҳалатлар елеге шекем ушырасып атыр.

Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының бизге берген мағлыўматларына қарағанда, жақында, Қоңырат районы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине, усы районда жасайтуғын М.Өсеровадан арза келип түскен.

Ол өз мүрәжатында, жеке исбилерменге тийисли саўда дүканынан 1 миллион 900 мың сумға велосипед сатып алып үйине барса, велосипедтиң нуқсанлары бар екени анықланғанын, қайтарып алып барғанында сатыўшы сол велосипедти сапалы усы маркадағы велосипедке алмастырып бериўден бас тартқанын көрсетип өткен.

Бул мүрәжат жәмийет қәнигелери тәрепинен үйренилип, Өзбекстан Республикасының «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы  Нызамына муўапық, сапасыз велосипед қарыйдар тәрепинен дүканшыға қайтарып берилди. Дүканда усы маркадағы басқа велосипед жоқ болғанлығы себепли, тутыныўшының ақшасы өзине қайтарылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.