26-март күни пайтахтымыздағы «Туран» стадионында  Өзбекстан оқ атыў спорты федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң оқ атыў орайы ашылды.

Усы күни  жаңа орайда олимпиада спорт түрлериниң бири болған оқ атыў спорты бойынша Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди.

Жарыс Өзбекстан оқ атыў спорты федерациясы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми  Қарақалпақстан кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилген болып, жарыс республикамыз аймағында әмелдеги халықаралық оқ атыў федерациясы қағыйдаларына муўапық алып барылды.

Жарыста республикамыздың ҳәр бир районынан 100  ден аслам спортшы қатнасып, жарыс жуўмағында командалық есапта Беруний районы спортшылары биринши, Қоңырат районы спортшылары екинши, Әмиўдәрья районы спортшылары үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен  сыйлықланды.

Жеңимпазлар усы жыл 17-апрель күни Ташкент қаласында өткерилетуғын Өзбекстан бириншилигине қатнасады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы