Планетамыз тез пәтлер менен өзгерип, дүньяда глобалласыў процесслери жүз берип атырған бүгинги күнде инсаният терең фундаментал өзгерислерди басынан өткермекте.

Әне усындай шараятта мәмлекетлер бирге ислесиўдиң беккем механизмлерин жаратыўға умтылыўы тәбийғый жағдай. Солардан бири турақлы тынышлықты орнатыўдың әҳмийетли шәрти есапланған цивилизациялараралық қарым-қатнас болып, ол беккем қәўипсизлик ҳәм тығыз раўажланыў, мәмлекетлер және халықлардың бир-бири менен қарым-қатнас жасайтуғын, тәжирийбе үйренетуғын, өз-ара исенимге тийкарланған ҳәм түрли мәдениятларды ҳүрмет етиў тийкарында раўажланатуғын дүньяны жаратыўға хызмет етеди.

Сол мәнисте Президентимиз Шавкат Мирзиёев мәмлекетлер ҳәм халықлар арасында өз-ара исенимди буннан былай да тереңлестириў – халықаралық бирге ислесиўди нәтийжели раўажландырыўдың әҳмийетли гиреўи екенин айрықша атап өтип келмекте. Исеним болса еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларда өз-ара түсинисиўдиң әҳмийетли факторы екени ҳәммеге белгили.

Сол себепли де сырт мәмлекетлер, дәслеп, қоңсылас еллер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди орнатыў, әҳмийетли машқалаларды биргеликте шешиў, турақлы раўажланыўға ерисиў, регионда тынышлық, турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў сыяқлы принциплер Өзбекстанның жаналанған сыртқы сиясатының тийкарын қурайды.

Бул идеяны Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жылы Астана қаласында болып өткен ШБШ саммитинде Шанхай бирге ислесиў шөлкеми орайларын шөлкемлестириў басламасын алға қойды. Халық дипломатиясының турақлы жумыс алып барып атырған институты исеним ҳәм жақсы қоңсышылық, миллетлераралық және динлераралық татыўлықты беккемлеў, цивилизациялараралық қарым-қатнасты раўажландырыўға хызмет етиўи менен үлкен әҳмийетке ийе.

Бул усынысты турмысқа енгизиў мақсетинде елимизде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети, Сыртқы ислер, Мәденият, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Денетәрбия ҳәм спорт министрликлери, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Илимлер академиясы ҳәм Көркем өнер академиясы, Жаслар аўқамы, Журналистлер, Жазыўшылар аўқамлары мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем түриндеги орай шөлкемлестириў басламасы менен шықты.

ШБШ шеңберинде бундай шөлкемди шөлкемлестириў идеясы усы регионаллық бирлеспениң мақсет ҳәм ўазыйпалары – исенимли және пайдалы бирге ислесиў, теңлик, түрли мәденият ҳәм цивилизацияларды ҳүрмет етиў, биргеликте раўажланыўға болған умтылысқа толық сәйкес келеди.

Бүгинги күнде ШБШға ағза мәмлекетлерде планетамыз халқының дерлик ярымы жасайды.

Бундай үлкен потенциалға ийе ШБШ Евразия регионында өз-ара қатнасықлардың жаңа усылын қәлиплестириўде әҳмийетли орын тутады ҳәм бул бойынша халық дипломатиясы механизмлеринен нәтийжели пайдаланыў айрықша әҳмийетке ийе.

ШБШ мәмлекетлерин терең тарийхый байланыслар бирлестирип турады. Әсирлер даўамында регион халықларын саўда, мәденият ҳәм руўхый қәдириятлар алмасыўы арқалы байланыстырып турған ҳәм мәмлекетлер, халықлар арасында өз-ара бирге ислесиўге тийкар салған Уллы жипек жолы бойлап қәлиплескен бирге ислесиў пикиримизге мысал бола алады. Ҳәзирги күнге келип халықларды еле де жақынластырыў ҳәм усы тарийхый процессти қайта тиклеў зәрүрлиги туўылмақта.

Өзбекстанда ШБШ Халық дипломатиясы орайы шөлкемге ағза мәмлекетлердиң мәдениятларын, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерин терең үйрениў, үгит-нәсиятлаў, мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў, пуқаралық жәмийети институтлары, соның ишинде, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар шөлкемлери ҳәм мәдений, академиялық, таллаў ҳәм билимлендириў мәкемелери арасында өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў, мәлимлеме ресурсларын қәлиплестириўди мақсет еткен. Сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўди раўажландырыў арқалы цивилизациялараралық қарым-қатнасты буннан былай да беккемлеў тәрепдары. Бул болса халықларды жақынластырып, исенимли ҳәм тығыз бирге ислесиў руўхын беккемлеў имканиятын береди.

Усы мақсетлерге ерисиў мақсетинде Өзбекстанда ШБШ Халық дипломатиясы орайы тәрепинен бир қатар қоспа жойбарлар әмелге асырылып, түрли илажлар өткерилип келинбекте.

Мәдений-гуманитарлық тараўда биргеликтеги илажлар (фестивальлар, ярмаркалар, көргизбелер) өткериў, соның ишинде, фольклор бағдарында халық өнерментшилигин ҳәм дөретиўшилигин үгит-нәсиятлаў, Уллы жипек жолының мәдений мийрасын сақлаў жолындағы бирге ислесиўди раўажландырыў жумыслары усылардың қатарына киреди. Сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекетлердеги китапханалар, музейлер, театрлар арасындағы байланысларды жолға қойыў, илимий-техникалық ҳәм инновациялық қолланбаларға байланыслы көргизбелер, кинофестивальларды шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

«Дүнья балалар нәзеринде» атлы балалар сүўретлер көргизбеси орайдың дәслепки әне сондай жойбарларынан бири болып есапланады. Онда ШБШға ағза мәмлекетлерден қатнасқан жаслардың дерлик 700 ге шамалас доретиўшилик жумысы көргизбеге қойылды.

Көргизбени өткериўден мақсет, балаларда Ўатанға муҳаббат сезимин қәлиплестириў, жас талантлыларды анықлаў, түрли халықлар мәдениятын, үрп-әдетлерин ҳәм қәдириятларын үгит-нәсиятлаўдан ибарат болып есапланады.

Балалар сүўретлери көргизбелерин ШБШның басқа да мәмлекетлеринде өткериў орай алдындағы режелерден бири болып есапланады.

Раҳматулла НАЗАРОВ,

Өзбекстандағы Шанхай бирге ислесиў

шөлкеминиң Халық дипломатиясы

орайының директоры

ӨзА