UFCдиң еки түрли салмақ категориясы бойынша бурынғы чемпионы Конор МакГрегор өз ҳәрекетин тоқтатқанын рәсмий түрде дағазалады.

 «Сәлем, жигитлер. Оператив хабар. Мен бүгиннен баслап «Аралас қол урысы» деп аталатуғын спорттан напақаға шығыўға қарар еттим.

Бурынғы кәсиплеслериме беллесиўлерде әўмет тилеймен. Ҳәзир напақаға шыққан шериклерим қатарына қосылмақшыман.

Енди маған Pina Colada жәрдемши болады», – деп жазған ирландиялы спортшы өз твиттеринде.

 

ӨзА