Ҳүкимет қарары менен бир қатар республикалық таңлаўларды өткериў бойынша режелер тастыйықланды (237-санлы, 20.03.2019ж.).

 Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Олар:

  • «Халық сазлары атқарыўшылары» республикалық таңлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы;
  • Мукаррама Турғунбоева атындағы «Миллий аяқ ойын атқарыўшылары» республикалық таңлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы;
  • Юнус Ражабий атындағы «Жас мақом атқарыўшылары» республикалық таңлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы реже.

Қарар менен тастыйықланған бул режелерге муўапық, ҳәр бир таңлаўда қатнасыў ҳәм оларды өткериў шәртлери белгиленди.

Оған бола:

  • «Халық сазлары атқарыўшылары» таңлаўы – усы жылдан баслап ҳәр еки жылда бир рет июнь айында Ташкент қаласында;
  • Мукаррама Турғунбоева атындағы «Миллий аяқ ойын атқарыўшылары» таңлаўы – усы жылдан баслап ҳәр еки жылда бир мәрте октябрь айында;
  • Юнус Ражабий атындағы «Жас мақом атқарыўшылары» республикалық таңлаўы – 2020-жылдан баслап ҳәр еки жылда бир рет апрель айында Ташкент қаласында өткериледи.

Таңлаў женимпазлары ҳәр бир бағдар бойынша диплом, статуэтка ҳәм ең кем айлық мийнет ҳақының 20 есесинен 40 есесине шекем ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Сондай-ақ, режеге бола «Жас мақом атқарыўшылары» танлаўының мақом ансамбли бойынша жеңимпазлары тийисли тәртипте ең кем айлық мийнет ҳақының 50 есесинен 70 есесине шекем ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Мәденият министрлиги таңлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жуўапкер болып есапланады.

 

ӨзА