Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Бағшылық тармағы ҳәм ыссыхана хожалықларында басқарыў системасын жетилистириў және мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў, сондай-ақ, заманагөй ресурс үнемлейтуғын технологиялар  тийкарында жоқары сапалы, бәсекиге шыдамлы ҳәм экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыўдың көлемлерин кеңейтиў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги және Қаржы министрлигиниң:

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанында басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 29 бирликтен ибарат Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигин (кейинги орынларда – Агентлик);

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм ўәлаятлардың аўыл хожалығы басқармалары структураларында басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 58 штат бирликтен ибарат бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығы бөлимлерин;

районлық (Қувасай қаласы) аўыл хожалығы бөлимлери структураларында басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 185 штат бирликтен ибарат бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығы секторларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

бағшылық ҳәм ыссыхана хожалықларын турақлы раўажландырыўды тәмийинлеўге қаратылған мақсетли комплексли бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

заманагөй ресурс үнемлейтуғын технологияларды, соның ишинде, тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў системаларын қолланған ҳалда интенсив бағшылық ҳәм ыссыхана хожалықларының майданларын кеңейтиў, базар конъюнктурасы таллаўын есапқа алған ҳалда мийўе өнимлериниң түрлерин көбейтиў илажларын көриў;

аймақлардың топырақ-ықлым шараятларын есапқа алған ҳалда бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығында илимий жетискенликлер, алдынғы илимий исленбелер ҳәм интенсив агротехнологиялардан кеңнен пайдаланыўды шөлкемлестириў;

«Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте бағшылық ҳәм ыссыхана хожалықларына халықаралық сертификатлаў стандартларын енгизиўде жәрдемлесиў;

мийўе өнимлерин жетистириў, таярлаў, сортлаў, калибрлеў, қадақлаў ҳәм сатыўдың бир пүтин шынжырын өз ишине алған кластер түрин шөлкемлестириў ҳәм кооперация системасын раўажландырыў бойынша илажларды әмелге асырыў;

базарлар конъюнктурасы бойынша терең маркетинг изертлеўлерин өткериў жолы менен бәсекиге шыдамлы өним жетистириў, оны сатыўды шөлкемлестириў, экспорт потенциалын арттырыў мақсетинде инвестицияларды, соның ишинде, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыўға жәрдемлесиў;

сыртқы базарларда талап жоқары болған мийўе сортларын жайластырыў ҳәм жетистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

бағшылық ҳәм ыссыхана хожалықлары тараўында қәнигелерди оқытыў, олардың маманлығын арттырыў, инновацияларды раўажландырыў ҳәм енгизиў мәселелери бойынша жергиликли ҳәм сырт ел билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў институтлары, тараўға қәнигелескен сырт ел шөлкемлери ҳәм өндириўшилер менен бирге ислесиў;

Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте бағлар ҳәм ыссыхана хожалықлары майданларының электрон реестрин жүргизиў.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрине жанындағы бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги структурасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги зәрүр жағдайларда Агентлик структурасына басқарыў хызметкерлериниң белгиленген саны ҳәм мийнетине ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. а) Агентлик:

өз жумысы бойынша Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Министрлер Кабинетине есап беретуғыны;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қаржыландырылатуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, ўәлаятлардың аўыл хожалығы басқармалары ҳәм районлық (Қувасай қаласы) аўыл хожалығы бөлимлериниң бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығы бойынша бөлимлери (секторлары) ҳәм қәнигелериниң жумысын муўапықластыратуғыны ҳәм оларға методикалық басшылық ететуғыны;

б) Агентлик директоры:

Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министриниң усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

статусы, мийнетке ҳақы төлеў ҳәм медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шәртлери бойынша министр орынбасарына теңлестирилетуғыны;

в) Агентлик директорының орынбасары Агентлик директорының усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Агентлик хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги орайлық аппараты хызметкерлери ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў шәртлери енгизилсин.
  2. Юридикалық шахс статусына ийе болмаған Агентлик жанындағы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин ҳәм оны қәлиплестириў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын Өзбекстан Республикасының СЭЖ ТН коды 07 ҳәм 08 болған товар түрлери бойынша аўыл хожалығы өнимлерин импорт етиўден түскен бажыхана төлемлери (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлар буған кирмейди) суммасының 10 процентине тең ажыратпалар;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги жанындағы «Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасының ашық саўдаларында сатылған жер участкаларына болған ҳуқықлардың басланғыш баҳасынан асқан сумманың 50 проценти;

халықаралық финанс институтлары, сырт ел ҳүкимет шөлкемлериниң кредитлери (қарыз қаржылары) ҳәм грантлары;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Қордың қаржылары төмендеги мақсетлер ушын жумсалатуғыны белгилеп қойылсын:

бағшылық ҳәм ыссыхана хожалықларын турақлы раўажландырыўды тәмийинлеўге қаратылған мақсетли комплексли бағдарламаларды әмелге асырыў;

бағларда ҳәм ыссыханаларда ирригация илажларын өткериў, соның ишинде, суў жеткерип бериў, артезиан қудықлары, қудықлар ҳәм резервуарлар жаратыў, суў жеткерип бериў ушын насос ҳәм қубырлар, суў сақлаў ушын сыйымлықлы ыдысларын сатып алыў;

Агентликтиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, соның ишинде,  Агентлик хызметкерлерин материаллық хошаметлеў, атап айтқанда, үстемелер төлеў;

бағшылық тараўына сырт ел қәнигелерин ҳәм консультантларын тартыў, сондай-ақ, Агентлик хызметкерлерин, бағманларды ҳәм ыссыхана хожалықлары ийелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў;

Агентликке жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға байланыслы басқа да илажлар.

  1. а) Жаңадан шөлкемлестирилетуғын бағлар ҳәм ыссыхана хожалықлары ушын 50 ҳәм оннан жоқары балл бонитетине ийе болған суўғарылатуғын жер майданларын ажыратыў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын тәртипте Аўыл хожалығы министрлиги менен келисилген ҳалда әмелге асырылатуғыны;

б) тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў тийкарында суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизген жаңадан шөлкемлестирилетуғын бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў Қоры ҳәм Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төмендегилер ушын субсидиялар ажыратыў арқалы әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын:

бир гектар егислик майданға жоқарыда көрсетилген суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиўге 6 миллион сумнан аспаған муғдарда;

майданы 35 гектардан зыят бағларда суў шығарыў ушын бураўланған қудықты, сондай-ақ, дәрьялар, каналлар ҳәм басқа да суў сақлағышлардан суўды тартыў ушын насос станциясын қурыўға 120 миллион сумнан аспайтуғын муғдарда;

в) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры киши исбилерменлик субъектлерине интенсив бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириў ушын коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша кредит суммасының 50 процентине шекем, бирақ 5 миллиард сумнан аспайтуғын муғдардағы қаржыға кепиллик береди.

Бунда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен субсидиялардың басқа суммалары және бағшылық ҳәм ыссыхана хожалықларын қаржыландырыўдың қосымша бағдарлары белгилениўи мүмкин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте бир ай мүддетте мийўе өнимлерин ислеп шығарыўшылардың суўды үнемлейтуғын технологияларын енгизиўге кеткен қәрежетлерин қаплаў ҳаққындағы режениң жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадарстр бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте:

а) 2019-жыл 1-августқа шекем әмелдеги мийўели бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларын ҳәр бир фермер хожалығы, аўыл хожалығы кәрханасы кесиминде жарамсыз ҳәм экономикалық жақтан нәтийжесиз бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларын анықлаў көзқарасынан хатлаўдан өткерсин ҳәм экономикалық нәтийжели жаңа бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларын жаратыў бойынша усыныслар киргизсин;

б) 2019-жыл 1-сентябьрге шекем:

кейин ала мийўе өнимлерин ислеп шығарыўшыларға усыныслар берип барыў мақсетинде мийўели нәллердиң жоқары зүрәәтли сортларын таңлап алыў ҳәм оларды жетистириўдиң аймақлық шегараларын анықлаў жағынан тәбийғый-аўыл хожалығы бойынша районластырыўды әмелге асырсын;

ислеп шығарыўшы, жер участкасы, бағлардың жағдайы, сортлар, жаратылған ўақты ҳәм басқа да көрсеткишлерди өз ишине алған бағ плантацияларының ҳәм ыссыхана хожалықларының бирден-бир электрон реестрин қәлиплестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети 2020-жыл 1-январьға шекемги мүддетте өзлестирилмеген жерлерде жер асты суў ресурсларының бар екени ҳәм олардың аўыл хожалығында пайдаланыўға жарамлылығына айрықша итибар қаратып, бар жер асты суў ресурсларының муғдары ҳәм сапасы ҳаққындағы мағлыўматларды көрсеткен ҳалда жер асты суўлары карталарын ислеп шықсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:

Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте қолда бар мийўели бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларын хатлаўдан өткериўдиң жуўмақларынан соң еки ай мүддетте экспортқа қолайлы сапалы мийўе өнимлериниң көлемин кеңейтиў мақсетинде аймақлар кесиминде жаңа интенсив бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларын жаратыў бойынша мәнзилли илажлар бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда мийўели терек ҳәм путалардың туқымлық материалларын ҳәм нәллерин ислеп шығаратуғын ҳәм реализациялайтуғын кәрханалардың жумысын тәртипке салыў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

2019-жыл 1-октябрьге шекем өзиниң веб-сайтында аймақлар ҳәм өнимлер ислеп шығарыўшылар кесиминде жетистирилип атырған аўыл хожалығы өнимлериниң сортлары, түрлери ҳәм прогноз көрсеткишлери, писиў ўақты ҳаққындағы зәрүр мағлыўматларды алыў имканиятын беретуғын мәлимлеме платформасын иске түсирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлигиниң Академик М.Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институтын (кейинги орынларда – Институт) Агентлик қарамағына өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги бир ай мүддетте Институттың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, зәрүр техникаларды, соның ишинде, лизинг тийкарында сатып алыў дәреклерин анықлаў, кеминде үш «8n-v8549» усылы тийкарында нәллер жетистириў бойынша аймақлық лабораториялар ҳәм ыссыханаларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, Институттың балансында болған жер участкаларын ҳәм объектлерин оптималластырыўды нәзерде тутқан ҳалда, оның жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳүкимет қарарының жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги еки ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте республикадағы бағшылыққа қәнигелестирилген районларда «ислеп шығарыў – таярлаў – сақлаў – қайта ислеў – қадақлаў (тара) – тасыў – ишки ҳәм сыртқы базарларға жеткерип бериў» принципи тийкарында шынжыр қәлиплестириўди нәзерде тутатуғын мийўе саўда-логистика орайларын;

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги және Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте стратегиялық импортёр мәмлекетлер аймағында көтере бөлистириў орайлары жанында саўда кәрханаларын шөлкемлестириў бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги бир ай мүддетте:

а) төмендеги режелерди тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарының жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги ҳаққындағы;

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги жанындағы бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қоры ҳаққындағы;

б) Агентликти оған жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын зәрүр теориялық билимлерге ҳәм әмелий көнликпелерге ийе жоқары маманлықтағы қәнигелер менен толықтырсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Агентликтиң 2019-жылы усы қарарды әмелге асырыў шеңбериндеги қәрежетлерине Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлери шеңберинде қаржы ажыратсын және 2020-жылдан баслап ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын;

Агентликке 4 автотранспорт қуралын, соның ишинде, 2 жеке бириктирилген автотранспорт қуралын сақлаўға лимит белгиленсин;

Агентликтиң тийкарланған есап-санақларына муўапық оның администрливлик имаратын оңлаў және материаллық-техникалық базасын қәлиплестириў ушын зәрүр үскенелер ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын сатып алыўға қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Ташкент қаласы, Абай көшеси, 6-жай мәнзили бойынша жайласқан имараттың бир бөлегин Агентиликтиң оперативлик басқарыўына берилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме техзнологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Агентлик зәрүр байланыс, соның ишинде, ҳүкиметлик байланыс пенен ҳәм кең полосалы Интернет тармағына жалғаныўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  3. Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша мәләҳәтшиси А.Ж.Ваҳабовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаевқа – Агентликтиң жумысын шөлкемлестириў бойынша мәселелерди, шөлкемлестириўшилик-техникалық, қаржылық,  ҳуқықый ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў, сондай-ақ, бар мийўели бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларын хатлаўды өткериўди нәтийжели муўапықластырыў бойынша;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығына ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлерине – бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириў ушын жер участкалары өз ўақтында ажыратылыўы, сондай-ақ, қолда бар миўели бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларын хатлаўдан өткериўди сапалы орынлаў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                      Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 20-март