Португалиялы қәниге Goal басылымына берген интервьюинде Килиан Мбаппени сатып алыў ушын ҳәзир ҳеш бир командаға тосқынлық жоқ екенин атап өтти.

Соның ишинде, хабарда Килианның перспективалы футболшы екени, кимдур оған ийелик етиўди қәлесе, тезирек ҳәрекетин баслаўы зәрүрлигин ҳәм атап айтқанда, қайсы клуб Мбаппе менен шәртнамаға қол қойса, сол клубқа әўмет тилейтуғынын билдирген, – 56 жастағы тренер.

Еслетип өтемиз, бурынырақ «Манчестер Юнайтед»тиң бурынғы тренери ПСЖның жас ҳүжимшисин әдалатлы түрде дүньяның ең қымбат футболшысы екенин де билдирип өткен.

ӨзА