Бирлескен Араб Әмирликлери пайтахты Абу-Даби халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын БАӘ Бас министриниң орынбасары, Президент жумыслары бойынша министр Шайх Мансур бин Зоид Ол Наҳаён күтип алды. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети хабар берди.

20141861-0551-9dfc-a43c-99879c413424.jpg

Аэропортта тәреплердиң қысқа сөйлесиўи болып өтти. Онда жоқары дәрежедеги ушырасыўлар күн тәртибине киргизилген еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.

Шавкат Мирзиёев Абу-Даби Әмирлиги мийрасхоры, Бирлескен Араб Әмирликлери Қураллы күшлери Жоқары бас сәркәрдасының орынбасары Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён менен сөйлесиў өткереди.

 

ӨзА