21-март күни Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен Нөкис қаласының үш орнында – И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында, Жаслар орайы алдындағы майданшада ҳәм «Истиқлол» балалар дем алыў орайында болып өтти.

Наўрыз байрамына арналған тамашалар республикамыз бойлап даўам етпекте.

Байрам мүнәсибети менен усы жылдың 25-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети бас бинасы алдында, сондай-ақ, 26-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты бас бинасы алдында улыстың уллы күни, ояныў әййямына арналған концерт бағдарламасы, миллий тағамлар ҳәм кийим-кеншеклер, тутыныў буйымлары көргизбелери, китап ярмаркалары, сондай-ақ, миллий спорт ойынлары бойынша жарыслар өткериў жобаластырылған.

Барлық халқымызды, сондай-ақ, елимиз мийманларын байрам тамашаларына мирәт етип қаламыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.