USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 25 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ШАВКАТ МИРЗИЁЕВТИҢ НАЎРЫЗ УЛЫЎМАХАЛЫҚЛЫҚ БАЙРАМЫНА БАҒЫШЛАНҒАН САЛТАНАТЛЫ МӘРЕСИМДЕГИ ҚУТЛЫҚЛАЎ CӨЗИ

       

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли ўатанласлар!

Қәдирли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Усындай әжайып күнлерде тәбият оянып, гөззал диярымызға бәршемиз асығып, сағынып күткен Наўрыз байрамы кирип келмекте.

Мың жыллар даўамында руўхый турмысымыздың көрки ҳәм зийнети болып киятырған бул әжайып, қәсийетли байрам бүгин кеўиллеримизге және шексиз қуўаныш ҳәм заўық бағышламақта.

Гөззал пайтахтымыздың орайында бой тиклеп, жақында пайдаланыўға тапсырылған саўлатлы «Ҳумо» сарайында сиз, әзизлерди, сизлер арқалы көп миллетли пүткил халқымызды Наўрыз байрамы менен шын жүректен қутлықлаўды өзим ушын үлкен мақтаныш, деп билемен.

Мине усындай пайызлы, заўықлы байрамда барлық қала ҳәм районларда, аўылларда Наўрыз сейилин өткерип атырған бәрше жерлеслериме жоқары ҳүрмет және жақсы тилеклеримди билдиремен.

Турмысыңыз бәҳәр таңындай тынық, бахытлы ҳәм абадан болсын!

Шығысқа тән Жаңа жылымыз – Наўрыз байрамының қәдеми қутлы ҳәм берекетли келсин!

Ҳүрметли дослар!

Әне усындай бийтәкирар ҳәм гөззал пасылда бәршемиз өзимизди жасарып кеткендей, кеўлимизге жаңа күш-ғайрат толғандай сеземиз. Неше жүз жыллық дәстүр ҳәм қәдириятларымызды жаңадан ашамыз, қандай уллы  тарийх, қандай уллы мәденият мийрасхорлары екенимизди және бир мәрте түсинемиз. Буннан кеўиллеримиз мақтанышқа толады.

Быйылғы Наўрыз байрамы усы саўлатлы сарайда өтип атырғанын да өзине тән символикалық мәни бар. Әпсаналық Қумай қусы – жақсылық ҳәм бахыт тымсалы, Наўрыз болса бәҳәр ҳәм бахыт әййямы болып табылады. Бул еки уллы тымсал, яғный, Қумай ҳәм Наўрыз философиясы өз-ара үнлес болып, илайым турмысымызды және де мазмунлы ҳәм жарқын еткей.

Әзиз ўатанласлар!

Бәршемизге белгили, Наўрыз – жаңа күн, жаңа пасыл дегени.

Бүгин ана тәбият қушағында жаңаланыў ҳәм жасарыў пасылы басланбақта.

Әзиз Өзбекстанымыз да бүгин өз миллий раўажланыўының жаңа дәўирине қәдем қоймақта.

Бул – еркинлик ҳәм азатлықтың жаңа дәўири, дөретиўшиликтиң ҳәм абаданлықтың жаңа, жоқары басқышы болып табылады.

Бул – «Халық мәпи ҳәмме нәрседен уллы» деген ийгиликли идея әмелий ислер менен өзин тастыйықлап атырған дәўир болып табылады. Жаңадан-жаңа турақ жайлар, заманагөй кәрханалар, билимлендириў, медицина, мәденият ҳәм спорт мәкемелери, абат аўылларымыз ҳәм қалаларымыз елимиздиң көркине-көрик қосып атырған дәўир болып табылады.

Үлкенлерге ҳүрмет, кишилерге иззет, жәрдемге мүтәж инсанлар менен шаңарақларға шын мәнисинде жәрдем бериў, мийрим-шәпәәт көрсетиў, турмысымыз қағыйдасына айланып атырған дәўир бул.

Бул – дүнья жәмийетшилиги менен, бәринен бурын, жақын қоңсыларымыз бенен дослық ҳәм бирге ислесиў есиклери кеңнен ашылып атырған заман болып табылады.

Бул – өзгерип, күш-қүдиретке толып атырған дүнья жәмийетшилиги тән алып атырған жаңа Өзбекстан болып табылады.

Ҳәзирги ўақытта булардың бәри – биз таңлаған узақ ҳәм машақатлы жолдағы дәслепки қәдемлер болып табылады.

Бүгин көпти көрген, мәрт ҳәм уллы халқымыз өзиниң пидәкерлик мийнети, келешекке беккем исеними менен даңқлы тарийхымыздың жаңа бетин жаратпақта.

Бул қутлы әййямда мине усындай мийнеткеш, сабырлы, кеңпейил, Ўатанға садық халқымызға перзентлик меҳирим менен шын жүрегимнен тәжим етемен.

Ҳүрметли дослар!

Наўрыз өзиниң өлмес руўҳы, улыўма адамгершилик идеялары менен адамзат турмысынан барған сайын терең орын ийелемекте. Бәршеңизге белгили, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң  қарары менен 21-март – пүткил дүньяда Халықаралық Наўрыз күни сыпатында кеңнен белгиленбекте.

Пурсаттан пайдаланып, бизге ҳүрмет ҳәм иззет көрсетип, мине усы саўлатлы сарайымызға келген шет еллердиң ҳүрметли елшилерин, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин, барлық сырт елли мийманларды, алыс ҳәм жақын мәмлекетлердиң халықларын Наўрыз байрамы менен қутлықлап, оларға тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеўге рухсат еткейсиз.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Оғада кең елимизди қамтып алған халық сейиллеринде бүгин «Ҳәр күнимиз Наўрыз болсын!» деген жақсы тилеклер жаңламақта.

Ҳақыйқатында да, Наўрыз өзиниң уллы қүдирети менен тәбиятты оятпақта. Реформалар болса жәмийетти, халқымыздың санасын, шексиз потенциалын оятпақта.

Ҳәзирги күнде елимизде әмелге асырылып атырған барлық реформалар менен өзгерислер әне усы уллы мақсетке – ҳәр күнимиз Наўрыз болыўына, яғный, ел-журтымыз турмысының абат ҳәм абадан болыўына қаратылғанын сиз, әзизлер жақсы билесиз. Биз усы жолда өз алдымызға үлкен шеклер менен ўазыйпаларды қойдық ҳәм оларды халқымыз бенен бирге, әлбетте, әмелге асырамыз.

Бүгин тәжирийбели дийқан ҳәм фермерлеримиз үлкен арзыў-нийетлер менен жаңа мийнет мәўсимин басламақта. Бәршемиздиң тилегимиз бир: жылымыз қутлы келсин, зүрәәтимиз мол болсын, мийнетиңизден берекет табың, қәдирли дослар!

Ҳүрметли аталарымыз ҳәм аналарымыз!

Дилбар апа-қарындаслар!

Қәдирли аға-инилер!

Халқымыздың именими ҳәм сүйениши болған нәўқыран жаслар!

Әзиз перзентлерим!

Ҳәммемизге сүйикли ҳәм ардақлы Наўрыз байрамы менен бәршеңизди және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман!

Наўрыз ҳәр бир шаңараққа, пүткил ел-журтымызға тынышлық-қәтержамлық, бахыт-ығбал, қут-берекет алып келсин!

Барлық жақсы нийетлеримиз бенен мақсетлеримиз әмелге ассын!

Ўатанымыз және де абат, халқымыз бәрқулла аман болсын!

Наўрыз бәршемизге мүбәрек болсын!

ӨзА