Усы күнлерде елимизде Наўрыз улыўмахалықлық байрамы кеңнен белгиленбекте. Ташкент қаласындағы салтанатлы илаж 21-март күни «Humo Arena»  комплексинде болып өтти.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети хабар берди.

Комплекс әтирапы байрамға сай безелген. Наўрызға тән дәстүрлеримиз, халық әмелий көркем өнер көргизбеси ҳәм дәрўаз ойынлары шөлкемлестирилген. Cыпалардағы дастурханларға бәҳәр тағамлары тартылған.

Кернай-сырнай намалары жаңлап, байрам басланып атырғанынан дәрек берди.

Илаж қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти қол шаппатлаўлар менен күтип алды.

Мәмлектимиз басшысы ҳәммени Наўрыз байрамы менен қутлықлады.

– Мине усындай пайызлы, қуўанышлы байрамда барлық қала ҳәм районларда, аўылларда Наўрыз сейилин өткерип атырған бәрше жерлеслеримизге жоқары ҳүрметимди ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен. Өмириңиз бәҳәр таңындай тынық, бахытлы ҳәм абадан болсынӘ Шығысқа тән Жана жылымыз – Наўрыз байрамының қәдеми қутлы ҳәм берекетли келсин, – деди мәмлекетимиз басшысы.

e0b92348-edb8-a5ba-6626-41c96fc7096d.jpg

Байрам йошлы қосықлар, ойын-заўықлар менен даўам етти. Сахнада мәмлектимиздиң ҳәр бир аймағының дәстүрлери, өзине тән өнери, халық ойынлары сәўлеленди. Фольклор-этнографиялық топарлар дийқаншылыққа берекет тилеп, Наўрыз, тәбият, мийрим-шәпәәт ҳаққында қосықлар айтты. Эстрада қосықшыларының шығыўлары, балаларымыздың ойын-күлкилери ҳәммени заўықландырды.

Сахна артындағы үлкен мониторларда елимиздиң тәбияты, халқымыздың абадан турмысы, соңғы жыллардағы қурылыс жумыслары көрсетилди.

Халқымыз усы жылғы Наўрызды да үлкен табыслар менен күтип алды. Жүзлеген турақ жайлар, заманагөй кәрханалар, мәденият ҳәм спорт сарайлары қурылды. Санаат, аўыл хожалығы, транспорт, туризм ҳәм басқа да тараўларда стратегиялық жойбарлар әмелге асырылды. Экономиканы турақластырыўға қаратылған ҳәрекетлер нәтийжесинде өткен жылы халықтың реал улыўма дәраматлары 2017-жылға салыстырғанда 12 процентке артты.

Ашық ҳәм әмелий жедел сыртқы сиясат алып барылып атырғанлығы себепли мәмлекетимиздиң халықаралық абырайы жоқарылады. Дерлик 20 мәмлекетлераралық рәсмий сапарлар әмелге асырылып, жүдә әҳмийетли ҳәм перспективалы келисимлерге ерисилди. Қоңсылас мәмлекетлер менен өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиў руўхындағы қатнасықлар және де беккемленди.

Бундай өзгерислердиң нәтийжесин ҳәр бир шанарақ, ҳәр бир жәмийет өз турмысы мысалында көрмекте, сезбекте.

Байрамларды кеўил көтеринкиликте, тынышлық-парахатшылықта күтип алмақта.

Байрам илажында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, парламент ҳәм ҳүкимет ағзалары, түрли тараўларда жемисли мийнет етип атырған ўатанласларымыз, мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллери қатнасты.

Наўрыз сейиллери Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар орайларында, район және аўылларда даўам етпекте.

5a1cd856-69f3-d152-cdb4-3ccf6bb19dcb.jpg

5a25f921-8ff9-fb2a-a5e6-358469c3bce2.jpg

6cfaa764-496a-b6bc-67cc-c1f84a1595eb.jpg

8c278c24-db21-dc8e-e760-38aacaea1eef.jpg

54ebc4c0-c300-e58d-bc79-c32923e485f8.jpg

697c6135-7db6-d4d2-fde7-3e5f935997db.jpg

f07228b7-b94d-59b0-6c6d-690aae4ec9c8.jpg

ӨзА