Президентимиздиң 2018-жыл 28-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде биринши мәрте мәмлекетимиздеги барлық театрларда 21-27-март күнлери  аралығында «Театр тамашалары ҳәптелиги» өткериледи.

Ҳәптелик шеңберинде барлық театрларда театр кийим-кеншеклери және декорациялары, китаплардың көргизбеси ҳәм дөретиўшилер менен ушырасыўлар болып өтеди.

Пайтахтымыздағы  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялы  музыкалы театры жәмәәти ҳәптелик шеңберинде «Жамила», «Тәнҳа жулдыз», «Лувр үйреги», «Гүл алмаған гөззаллар», «Муҳаббат самалы» спектакльлери, хор топары ҳәм симфониялық оркестрдиң концерти орын алған.

Ал, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында болса  Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте «Художник ҳәм театр» атамасында көргизбе, тамашагөйлер ушын «Мойнақта бахыттың таңлары атты»,  «Тоғыз тоңқылдақ ҳәм бир шиңкилдек», «Алеко», «Бир қызға төрт ашық», «Сыйқырлы дән», «Гүздиң биринши күни» спектакльлери қойып бериледи.

Сондай-ақ, «Театр мениң өмиримде», «Перде артындағы сыйқырлы әлем», «Театр-бул ертеклер әлеми», «Бала тәрбиясында ертек спектакльдиң орны» атамасында дөгерек сәўбети өткериледи.

Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры жәмәәти «Аққуў ҳаққында аңыз», «Гүлде бүлбил сайрайды», «Қырқ қыз», «Баҳадыр батыр ҳаққында ертек», «Мен өзиме дос таптым», «Қызыл қалпақша»  спектакльлери  тамашагөйлердиң нәзерине усынады.

Еслетип өтемиз, 21-27-март күнлери театр тамашалары бийпул көрсетиледи.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы