Қазақстан Республикасының президенти Қасым-Жомарт Тоқаев биринши президент Нурсултан Әбиш улы Назарбаевқа «Халық қаҳарманы» атағын берип, «Алтын жулдыз» орденин тақты.

– Ҳүрметли Елбасы, әзиз халқым! Мениң Қазақстан Республикасы президенти сыпатындағы биринши қарарым «Қазақстан Республикасының биринши президенти – Елбасы ҳаққында»ғы Конституциялық нызамға ҳәм «Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққында»ғы нызамға муўапық, Ғәрезсиз Қазақстанды орнатыўдағы тарийхый үлеси, экономикалық ҳәм жәмийетлик, сондай-ақ, гуманитарлық раўажландырыўдағы, қазақстанлы жәмийетшиликти жәмлестириўдеги әдиўли хызметлери ушын Қазақстан Республикасының биринши президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаевқа айырықша ҳүрмет белгиси «Алтын жулдыз» орденин тапсыра отырып, «Халық қаҳарманы» атағын беремен, – деди Қ.Тоқаев.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.