Усы жыл 19-март күни Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетинде «Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўда ғалаба хабар қуралларының роли» атамасында баспасөз конференциясы болып өтти. Оған республикамыздағы  тийисли ҳуқық қорғаў уйымларының, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, тараў қәнигелери қатнасты.

Онда Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң хызметкери Х.Шеримбетов, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығының орынбасары М.Жоллыбеков, комитеттиң Биокөптүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қорғаў бөлиминиң бас қәнигеси Т.Төрениязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар және алдағы режелер туўралы журналистлерге кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-октябрьдеги 3956-санлы қарары тийкарында комитеттиң Биокөптүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қорғаў ҳәм олардан пайдаланыўды қадағалаў аймақлық инспекциясы жергиликли комитетлердиң қурамына өткерилген еди. Усы жылдың январь айынан баслап комитеттиң Биокөптүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қорғаў бөлими инспекторлары тәрепинен, тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте бир қатар рейд илажлары алып барылды.

Атап айтқанда, усы жылдын 15-мартына шекем жәми 175 пуқараға 29 428 633,35 сум жәрийма салынып, 158 пуқарадан 26 388 701,35 сум өндирип алынды. Және де пуқаралар тәрепинен өсимликлер дүньясына келтирилген зыян бойынша 96 224 122,1 сумлық 41 ис материаллары тийисли суд органларына өткерилип, 52 088 166,6 сумлық 29 материал бүгинге келип өз шешимин тапты.

Өзбекстан Республикасы аймағында аң аўлаў ҳәм балық аўлаў қағыйдаларының орынланыўын қадағалаў барысында 8 пуқараға 1 621 840 сум жәрийма салынды.

Сондай-ақ, алдағы ўақытлары 587 мың 710 гектарлық «Ақпетки», 1 миллион 420 мың 897 гектарлық «Қубла Үстирт», 188 мың 252 гектарлық «Белтаў», 22 мың 199 гектарлық «Ақдәрья-Қазақдәрья аралығы», 84 мың 702 гектарлық «Судочье көллер системасы»нда тәбият ҳәм ҳайўанатлар дүньясын қорғаў мақсетинде қорықханалар ҳәм басқа да усы мақсеттеги объектлерди шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Бүгинги күнде Өзбекстан бойынша усындай орынлардың улыўма майданы 2 миллион гектар әтирапында болса, Қарақалпақстанның өзинде усындай орынлардың улыўма майданы 3 миллион гектардан асыўы нәзерде тутылмақта. Президентимиздиң басламасы менен Арал теңизиниң қурыған ултанында 500 мың гектардан аслам майланға сексеўилзарлық жаратылмақта.

Баспасөз конференциясында республикамыздың мәмлекетлик тоғай қорлары аймақларында ҳәм басқа да орынларда юридикалық ҳәм физикалық шахслардың өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясынан нызамлы пайдаланыўын қадағалаў, суў, жер ресурслары, жер асты байлықларын қорғаў бойынша нызам талапларының орынланыўы, атмосфераның тазалығын сақлаў бойынша кең түрде мағлыўмат берилди.

Усы тараўда әмелге асырылып атырған илажлардың ғалаба хабар қуралларында сәўлелениўи, тәбият ҳәм ҳайўанат дүньясын қорғаўда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў мақсетинде үгит-нәсият жумысларын алып барыўда бирге ислесиў мәселелери додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Журналистлер қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.