Жақында Қараөзек районындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде район ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының басламасында Қарақалпақстан халық шайыры Толыбай Қабуловтың туўылғанына 80 жыл толыўы мүнәсибети менен еске түсириў кешеси болып өтти.

Оған жазыўшы-шайырлар, шайырдың заманласлары, туўған-туўысқанлары ҳәм мектеп оқыўшылары қатнасты.

Еске түсириў кешесиниң қатнасыўшылары шайырдың шығармалары, дөретпелери, шайырдың  өмири ҳәм дөретиўшилигин сәўлелендирген сүўретлер көргизбеси менен жақыннан танысты.

Илажда район ҳәкими Д.Өтемуратов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының  баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Кәримов, Өзбекстан Қаҳарманы Ғ.Хожаниязов, филология илимлериниң кандидаты, доцент Қ.Юсупов, «Билим» баспасының директоры, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларға шайырдың дөретиўшилик шеберлиги бойынша өзлериниң пикирлерин билдирди.

Илаж қатнасыўшыларына мектептиң талантлы жаслары тәрепинен шайырдың нама жазылған қосықларынан дүзилген концерт бағдарламасы қойып берилди.

Буннан соң шайыр Т.Қабулов туўылып өскен Қарабуға аўылындағы оның тәлим-тәрбия алған  районлық 4-санлы улыўма билим бериў метебинде де ушырасыў кешеси өткерилди.

Ушырасыўда мектеп оқыўшылары тәрепинен шайырдың  туўылған жер, тәбият, ана, мухаббат  темасындағы қосықлары тәсирли оқып берилди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы