Елимизге қут-берекет алып келиўши, шығыс халықларының жыл басы есапланған «Наўрыз» улыўмахалықлық байрамы елимиздиң барлық қала ҳәм аўыллары бойлап жоқары көтериңкилик руўхта өткерилмекте.

Өткерилип атырған барлық илажларда халқымыздың миллий үрп-әдет дәстүрлери өз көринисин таппақта.

Наўрыздың басланыўы менен Ана тәбиятқа жан енип, инсанлар кеўилине өзгеше қуўаныш  бағышлайды. Сонлықтанда халқымыз бул байрамды жаңаланыў ҳәм жасарыў байрамы сыпатында асығыслық пенен күтеди.

Байрамға бағышланған театрластырылған байрам тамашалары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында салтанатлы түрде  белгиленбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң берген мағлыўматына қарағанда, байрам тамашалары 16-март күни Шоманай районы «Мамый»АПЖ аймағында жайласқан ат шабар майданшасында, 17-март күни Қараөзек районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби стадионында, 18-март күни Тахтакөпир районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби стадионында ҳәм Тақыятас районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде, Кегейли районындағы «Дослық» майданшасында, 19-март күни Әмиўдәрья районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби стадионында, Төрткүл районы «Ёшлик» мәденият ҳәм халықтың дем алыў бағында, Елликқала районы көркем өнер сарайының жазғы «Амфитеатрында», Шымбай районы «Шахтемир» стадионында, Қоңырат районы ғәрезсизлик майданшасында, Қанлыкөл районы ҳәкимяты имараты алдындағы майданшада, Хожели районы «Туран» мәденият ҳәм халықтың дем алыў бағында театрластырылған байрам тамашалары өткерилди.

20-март күни Нөкис районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби стадионында,  Беруний районы Амфитеатрында, 21-март күни пайтахтымыздағы  И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында, «Жаслар орайы» алдындағы майданда, «Истиқлол» балалар мәденият ҳәм дем алыў бағында, 30-март күни Мойнақ районы кемелер музейи әтирапындағы ашық майданда өткерилиўи режелестирилмекте.

Халқымыз асығып күткен, Улыстың уллы күни – Наўрыз улыўмахалықлық байрамында көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы, миллий тағамлар ярмаркасы, миллий спорт ойынлары орын алған.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы