Нидерландияның Утрехт қаласындағы трамвайлардың биринде белгисиз шахслар жолаўшыларды оққа тутқан, деп жазбақта INTERFAX.RU Sky News  агентлигиниң мағлыўматына сүйенип. Атыспа нәтийжесинде кеминде бир адам қайтыс болған, бир неше адам жарақатланған. Жынаятшылар ўақыя орнынан қашыўға үлгерген.

Полиция буны теракт сыпатында да гүман етпекте. Нидерландия ҳүкимети қалада террористлик қәўипсизлик жәриялаған.

ӨзА