Алдын хабар бергенимиздей, быйылғы жылы Мойнақ районында «NavrUZ» этнофестивалы өткерилиўи жобаластырылмақта.

New Muynak City каналының хабар бериўинше, этнофестиваль усы жылдың 30-31-март күнлери болып өтеди.

Онда И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң көргизбеси де болып өтеди. Көргизбеге И.В.Савицкий тәрепинен район турғынларынан жыйналған ҳәм ҳәзирги ўақытта музейде сақланып атырған экспонатлар қойылады.

Сондай-ақ, фестиваль шеңберинде мийманлар ушын 2,5 км аралықта атларда және түйелерде саяхат етиў имканияты жаратылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.