Ассалаўма әлейкум, әзиз ўатанласлар!

Ҳүрметли Халықаралық хоккей федерациясы президенти уллы мәртебели мырза Рене Фазель!

Ҳүрметли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, сизлерди Наўрыз байрамы босағасында, гөззал бәҳәр күнлеринде Өзбекстан үлкесинде шын жүректен қутлықлайман. Бәршеңизге терең ҳүрметимди ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдириўден оғада қуўанышлыман.

Бүгин пайтахтымыз орайында жаңадан иске түсирилип атырған заманагөй спорт сарайы  – «Ҳумо арена»ға келип, қуўанышымызға шерик болып атырғаныңыз ушын сизлерге үлкен рахмет!

Усы салтанатлы мәресимде қатнасып атырған жәҳән спорт жулдызлары, белгили мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, дипломатлар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, жетекши компаниялардың басшыларына қарата айтпақшыман:

Хош келипсиз, миймандос Өзбекстан үлкесине!

Әзиз дослар!

Бүгин биз елимизде кең көлемли реформалар ҳәм жедел өзгерислерди әмелге асырмақтамыз. Бул жолда физикалық саламат және бәркамал әўладты камалға келтириў бизиң әҳмийетли ўазыйпамыз ҳәм биз бул жолда бар күшимиз бенен қаржыларымызды жумсаймыз.

Усы мәниде, биз денетәрбиясы ҳәм спортқа айрықша итибар бермектемиз.

Бүгинги күнде елимиздиң барлық аймақларында, ҳәттеки ең алыс районларда да заманагөй ҳәм пайдаланыў ушын қолайлы спорт инфраструктурасы жаратылмақта. Кейинги еки жылда елимизде спорт пенен турақлы шуғылланатуғынлардың саны еки есеге көбейди.

Елимиз спортшылары ҳәр қыйлы халықаралық жарысларда мыңнан аслам медальларды қолға киргизди, олардан 400 ден зыяты алтын медаль. Ҳәзирги ўақытта бокс, дзюдо, еркин гүрес, көркем гимнастика, шахмат ҳәм басқа да спорт түрлери бойынша Өзбекстанда қәлиплескен мектеплер пүткил дүньяға белгили.

Елимизде өткерилип атырған абырайлы халықаралық жарыслар, соның ишинде, жәҳән ҳәм континент чемпионатларының саны жылдан-жылға артып бармақта. Биз 2030-жылы Өзбекстанда жазғы Азия ойынларын өткериў басламасы менен шықтық.

Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Биз спортшыларымыз қысқы спорт ойынлары, соның ишинде, ең қызықлы болған фигуралы ушыў, хоккей, таў-шаңғы спорты, фристайл, сноуборд ҳәм басқа да спорт түрлери бойынша Ўатанымыздың абырайын мүнәсип қорғаўға умтылмақтамыз.

Өткен әсирдиң жетписинши жылларынан-ақ Ташкентте «Юбилейный» муз спорты сарайы, «Бинокор» хоккей командасы, Ташкент ўәлаятында таў-шаңғы трассасы бар болған.

Бизиң бул бағдарда ерискен жетискенликлеримиздиң арасында фристайл бойынша қысқы Олимпиада ойынлары ҳәм жәҳән чемпионатында қолға киргизилген алтын медальлар, фигуралы ушыў бойынша Азия ойынлары ҳәм басқа да халықаралық жарысларда ерисилген 70 тен зыят медальлар бар екенин атап өтиў керек.

Биз спорт тараўындағы әне усындай даңқлы дәстүрлерди даўам еттириўди өз парызымыз деп билемиз.

Өткен жылы елимизде төрт хоккей клубы шөлкемлестирилди. Быйыл февраль айында шайбалы хоккей бойынша биринши мәрте Өзбекстан чемпионаты өткерилди.

Өзбекстан спортшылары жақында Красноярскте өткерилген Пүткилжәҳән қысқы универсиадасына биринши мәрте қатнасты.

Бул заманагөй муз сарайының иске түсирилиўи Өзбекстан спорты тарийхында жаңа басқышты баслап береди, десек, қәтелеспеймиз, деп ойлайман.

Бул объект өзиниң алдынғы архитектуралық ҳәм инженерлик-қурылыс шешимлери, техникалық үскенелениў дәрежесине қарай өзгеше. Биз шериклеримиз – жетекши компаниялардың ең соңғы исбленбелерин тартыўға ҳәрекет еттик.

«Ҳумо арена» жоқары қәнигели спортшыларды таярлаўға ҳәм Өзбекстанда ири халықаралық жарыслар шөлкемлестириўге және ең тийкарғысы жасларымызды қысқы спорт түрлерине кеңнен тартыўға хызмет ететуғынына беккем исенемен.

Бундай комплекс ҳәм орайларды биз келешекте елимиздиң барлық аймақларында да қурамыз.

Усы мүнәсибет пенен бүгинги илажға қатнасып атырған ҳүрметли мийманларымыз – абырайлы спортшы ҳәм тренерлер – дүнья спорты жулдызларына мүрәжат етип, айтпақшыман: биз сизиң қоллап-қуўатлаўыңызға, билим ҳәм шеберлигиңизге, үлкен профессионаллық тәжирийбеңизге исенемиз.

Қәдирли дослар!

Бизиң пайтахтымызға жүзикке қас қойғандай жарасып турған, сизлердиң қатнасыўыңызда пайдаланыўға тапсырылып атырған бул заманагөй спорт сарайы усы бағдардағы жумыслардың дәслепки әмелий нәтийжеси болып табылады.

Барлық халықаралық талапларға жуўап беретуғын бул теңи-тайы жоқ комплекс спортты сүйетуғын халқымыздың, әсиресе жасларымыздың жүрегиндеги арзыўының әмелий көриниси болғанын толық исеним менен айтыў мүмкин.

Әне усы арзыўды шынлыққа айландырған қысқа мүддетте усындай саўлатлы комплексти қурған жойбарлаўшы, архитектор, қурылысшы ҳәм инженерлерге, сырт ел мийманларына, бул ийгиликли иске үлес қосқан барлық инсанларға терең миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.

Бүгинги күн миллий спортымыз тарийхында жарқын бет болып қалатуғынына гүман жоқ.

Пүткил көп миллетли халқымызды, бул илажларымыздың барлық қатнасыўшыларын ҳәм мийманларын бүгинги тарийхый ўақыя – «Ҳумо арена» спорт сарайының ашылыўы менен шын жүректен қутлықлайман.

Бәршеңизге тынышлық-аманлық, үлкен жеңислер ҳәм жаңадан-жаңа табыслар тилеймен.

Итибарыңыз ушын үлкен рахмет.

ӨзА