Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Крайстчерч қаласында жүз берген терроршылық ҳәрекетлери ақыбетинде көплеген инсанлардың қайтыс болыўына байланыслы Жаңа Зеландия Генерал-губернаторы Пэтси Реддиге кеўил айтты.

Мәмлекетимиз басшысы қайтыс болғанлардың жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдирип, жарақатланғанлардың тез саўалып кетиўин тиледи.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Баспасөз хызмети хабар берди.

ӨзА