АҚШтың орта ҳәм қысқа аралыққа ушырылатуғын ракеталарды жоқ етиў бойынша халықаралық келисимде қадаған етилген ракеталар сынағын өткериўи Вашингтонның усы ўақытқа шекем ислеген жумысындағы логикалық даўамы есапланады.

REGNUM хабарына бола, Россия Президентиниң баспасөз хаткери Дмитрий Песков журналистлерге усындай пикирди айтқан. Оған бола, Москва емес, әйне Вашингтон халықаралық келисимге қарсы системалардан пайдаланып келген. «Соның ушын бул жағдай ҳәдийсениң логикалық даўамы болады», деди Песков.

ӨзА