АҚШ. Мәмлекет Сенаты АҚШ-Мексика шегара дийўалы қурылыcы бойынша Президент Дональд Трамп тәрепинен енгизилген айрықша жағдайды бийкарлаў бойынша резолюция қабыл етти.

Россия. Калининград ўәлаяты аймағында Батыс коалицияның 3 разведка-самолётының ҳәрекети бақланды.

Брюсcель. БМШ Бас штабында шөлкемлестирилген конференцияда шөлкем Бас хаткериниң орынбасары Марк Лоукок Идлиб аймағындағы жағдай қәўипли көриниске ийе болып атырғанынан шөлкем қәўетерде екенин мәлим етти.

Ҳиндстан. Мумбай көшелериндеги жолаўшылар өтиў жолының қулаўы ақыбетинде 16 адам жарақатланды.

Жаңа Зеландия. Крайстреч қаласындағы мешитлердиң бирине қуралланған адам тәрепинен әмелге асырылған ҳүжим ақыбетинде 9 адам қайтыс болды.

 

Зуҳра Мирзабоева, ӨзА