Усы жыл 13-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўдың ҳуқықый тийкары» атамасында республикалық әмелий семинар болып өтти.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов басқарып барды.

Буннан кейин Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге көмеклесиўши  республикалық комиссияның ағзасы,  Сенат аппараты шөлкемлестириў-қадағалаў бөлими баслығының орынбасары А.Бабаев, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары Т.Романов шығып сөйлеп, болажақ сайлаўға таярлықтың барысы, комиссия ҳәм жумысшы топар ағзаларының ўазыйпаларына кең түрде тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаўда пуқаралардың кеңирек қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде нызамда елимиздиң ҳәр бир аймағындағы халықтың саны есапқа алынған ҳалда пуқаралардың ең кем ўәкиллик нормасы белгиленди. Оған муўапық, пуқаралардың ең кем ўәкиллик нормасы сайлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың 12 процентинен аз болмаўы керек. Соның менен бирге, быйылғы сайлаўдағы өзгерислердиң бири, пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)ның ўәкиллик мүддети еки ярым жылдан үш жыл етип белгиленди.

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинде, қалалық ҳәм районлық Кеңеслерде пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиўши бийғәрез институты Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте семинарлар өткерилди. Ҳәр бир қала ҳәм районға жуўаплы қәнигелер бириктирилип, нәўбетшилик шөлкемлестирилди.

Республикамызда бүгинги күни 256 мәҳәлле, 142 аўыл, 13 посёлкалық, жәми 411 пуқаралар жыйынында сайлаўға таярлық жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.  Оларда 1 миллион 866 мың 882 халық болып, соннан 1 миллион 307 мың 158 пуқара сайлаўға қатнасыў ҳуқықына ийе. Сайлаўды 323 улыўма билим бериў мектеби, 55 академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжи, 3 жоқары оқыў орны, 7 мәденият үйи, 12  пуқаралар жыйыны ҳәм 1 емлеў мәкемеси имаратында өткериў режелестирилген.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги