Жақында, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған таңлаўда Өзбекстан студентлери спорт ассоциациясының Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының Спорт клубы «Дене мәденияты ҳәм спортқа айрықша  итибар қаратыў жолы менен жаслардың шахс сыпатында бәркамал раўажланыўына көмеклесиў, жасларда мақсетке умтылыўшаңлық қәсийетлерин ҳәм актив турмыслық позициясын қәлиплестириў» темасындағы жойбары жеңимпаз болған еди.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалында усы грант жойбарының ашылыў мәресими болып өтти.

Оған жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, филиал студентлери, тараў қәнигелери,  «Туран» МПЖ турғынлары қатнасты.

Илажды филиал директоры П.Палўаниязов ашып, бул жойбар ҳәзирги ўақыттағы әҳмийетли мәселелердиң бири жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың денсаўлығын жақсылаў, оларды жаман иллетлерден сақлаў сыяқлы мәселелерди шешиўге жәрдем беретуғынлығын атап өтти.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультетиниң деканы Н.Қайпов, Қарақалпақстан футбол федерациясының баслығы В.Назаров, «Туран» МПЖ баслығы Ө.Палўаниязов, спорт клубы баслығы Р.Бердимуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жойбардың мақсет ҳәм ўазыйпалары туўралы кең түрде мағлыўмат берип өтти.

– Жеңип алған грант жойбары жаслардың турмысын жақсылаўға, олардың физикалық, дөретиўшилик, әдеп-икрамлылық қәбилетлерин ашыўға жәрдемлесип, оларды унамсыз тәсирлерден сақлаў мәселелерин өзине қамтып алған,-дейди спорт клубы баслығы Р.Бердимуратов. – Ең тийкарғы мәселе, жәмлеспеген жасларды спорт пенен шуғылландырыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў, спорт ойынларын үгит-нәсиятлаў арқалы оларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдан ибарат.

Илаж қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.