Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети профессоры, педагогика илимлериниң докторы Ералин Қуўандық Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика факультети сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының студентлерине сабақ өтпекте.

– Еки жоқары оқыў орны арасында дүзилген өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум тийкарында билимлендириў, илимий изертлеў, соның менен бирге, мәдений тараўда беккем байланыслар орнатылды, – дейди институттың сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасының баслығы Ж.Дәрменов. – Мине, бүгин сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы илиминде үлкен жаңалықларды ислей алған профессор бизиң студентлеримизге лекция сабақларын өтпекте. Буның нәтийжесинде студентлеримиздиң билим ҳәм көнликпелери артады, деп ойлайман.

Қазақстан Республикасы билимлендириў ағласы, мәденият ғайраткери Ералин Қуўандық «Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасын оқытыў методикасы» пәни бойынша студентлерге теориялық ҳәм практикалық билим берип, болажақ педагогларда оқыўшыларға көркемлик билим ҳәм эстетикалық тәрбия бериў бойынша көнликпелерин беккемлемекте.

Мағлыўмат ушын, профессор Ералин Қуўандық 115 тен аслам илимий мақалалар, 4 монография ҳәм 24 оқыўлық қолланбалардың авторы болып есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.