Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасы Мойнақ районлық Ишки ислер бөлими менен биргеликте көллердеги қамыслықларды өртеп жибериў жағдайларының алдын алыў бойынша илажлар өткермекте. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар берди.

– Мойнақ районы аймағында көллер көп ҳәм олардағы қамыслықлар арасында ҳайўанат дүньясының көплеген түрлерин ушыратыў мүмкин, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасының баслығы Азамат Давлетов. – Бул қамыслықларда ўақты-ўақты менен өртлер жүз береди. Бул өз гезегинде, ҳаўаның патасланыўы, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясына унамсыз тәсир көрсетеди. Ҳәзирги ўақытта район аймағындағы көллерде өскен қамыслар, тоғайлықлардағы от-шөплер ҳәм басқа өсимликлерди өртеп жибериўдиң алдын алыў мақсетинде жумысшы топар дүзилген. Топар ағзалары район халқының үйлерине барып, қамыслықларды өртеп жибермеў ҳаққында ескертпекте. Егер усындай жағдай жүз берип, атмосфера ҳаўасының патасланыўына алып келсе, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьясына тийкарланып 608 мың 190 сумнан 1 миллион 13 мың 650 сумға шекемги муғдарында жәриймаға себеп болыўы, егер буның ақыбетинде өрт келип шықса, 1 миллион 419 мың 110 сумнан 2 миллион 27 мың 300 сумға шекемги мығдарда жәриймаға тартылыўы түсиндирилмекте.

Сондай-ақ, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етпеў бойынша түсиндириў жумыслары районда алып барылып атырған барлық қурылыс ҳәм реконструкциялаў объектлеринде алып барылды.

Еслетип өтемиз, быйылғы жылы Мойнақ районы аймағында ҳәр қыйлы ДВП, ДСП өнимлерин ислеп шығаратуғын еки кәрхананың қурылыўы жобаластырылған. Бул кәрханаларда өнимлер тийкарынан қамыслардан исленеди. Мойнақ көллериндеги қамыслықлардан алдынлары тек ғана өт-жем, жайдың төбесин бастырыў, қорғанша қурыў сыяқлы мақсетлерде пайдаланылатуғын еди. Гүзги ўақытлары келеси жылы таза қамыслар өсип шығыўы ушын қамыслықлар өртеп жиберилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги