Ташкентте 12-март күни Саўда-экономикалық ҳәм техникалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Бирлескен Араб Әмирликлери ҳүкиметлераралық комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Илажда еки мәмлекеттиң сыртқы экономикалық байланыслар, экономика, саўда-санаат, инвестиция, туризм, нефть-газ, транспорт, энергетика, қурылыс, аўыл хожалығы сыяқлы бир қатар тараўлар ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың, компаниялар ҳәм концернлердиң басшылары қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Элёр Ғаниев, Бирлескен Араб Әмирликлериниң экономика министри Султон бин Саид ал-Мансурий ҳәм басқалар мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў барлық тараўларда избе-из раўажланып атырғанын айрықша атап өтти.

-Мәмлекетимизде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың басламасы менен экономиканы еркинлестириўге қаратылған түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта,-деди Элёр Ғаниев.-Инвестиция орталығының жақсыланыўы нәтийжесинде экономикалық байланыслар да жеделлесип бармақта. Өз-ара товар алмасыў көлеминде өсиў пәти көзге тасланбақта.

Сөйлесиў ўақтында усы бирге ислесиўди саўда тараўындағы жаңа бағдарларда  даўам еттириў усыныс етилди. Атап айтқанда, Өзбекстан тәрепи өз-ара саўда байланысларын және де раўажландырыў мақсетинде Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында өзиниң саўда үйин ашыўға таяр екенлигин билдирди.

Мәжилис шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы, Өзбекстан менен Бирлескен Араб Әмирликлери арасында стратегиялық шерикликти раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысылды. 2018-жылдың октябрь айында Ташкентте болып өткен еки мәмлекет исбилерменлери қатнасыўындағы бизнес-форум шеңберинде қол қойылған келисимлер бойынша гезектеги режелер тастыйықланды.

Илажда  Султон бин Саид ал-Мансурий түрли дәрежедеги сапарлардың жеделлескени еки тәреплеме бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыўға хызмет етип атырғанын атап өтти. Саўда-экономикалық, инвестициялық тараўлардағы қатнасықларды раўажландырыў мақсетинде «Жол картасы»н ислеп шығыўды усыныс етти.

Мәжилисте, сондай-ақ, мийманларға мәмлекетимиздиң туризм потенциалы, Ташкент қаласының экономикалық имканиятлары ҳаққында айтып берилди. Абу-Даби раўажланыў қорының Өзбекстан бойынша инвестициялық жойбарлары ҳаққында сөз барды.

Абу-Даби раўажланыў қоры тәрепинен қоспа инвестициялық компанияны шөлкемлестириў, Самарқанд қаласының инфраструктурасын раўажландырыў, мийманханалар, саўда орайларының жумысларына инвестиция киргизиў режелестирилген. Өзбекстанның аўыл хожалығы тараўында перспективалы бағдарламаларды ислеп шығыў белгиленген.

Мәжилисте мәмлекетимиз аймағында углеводородларды қазып алыўда Бирлескен Араб Әмирликлериниң «Мubadala» компаниясы менен бирге ислесиў, «Өзбекнефтгаз» акционерлик жәмийети ҳәм «Abu Dhabi National Oil Company» компаниясы эксперт-мәсләҳәтлесиўлерин даўам еттириў, авиатасыўлар географиясын кеңейтиўдеги жаңа имканиятларды белгилеў сыяқлы мәселелер де көрип шығылды.

Малоҳат Ҳусанова,

ӨзАның хабаршысы