Улыўма орта билим бериў мектеплеринде бәҳәрги дем алыс 2019-жыл  21-марттан басланып 27-март күни жуўмақланады, деп хабар бермекте Халық билимлендириў министрлигиниң Мәлимлеме хызмети.

Усы жылдың 28-март күни VI шеректиң биринши күни есапланады.

Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен дем алыс ўақтында оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылады.

Атап айтқанда, дем алыс күнлеринде оқыўшы-жаслар ушын спорт секциялары ҳәм «Бәркамал әўлад» балалар орайларындағы дөгереклер оқыўшылардың ықтыярында болады. Сондай-ақ, усы жылдың 23-26-март күнлери Самарқанд қаласында «Илим-келешек тийкары» сүрени астында «Қызларжан» оқыўшы-қызлар саммити шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, 5-8-класс оқыўшылары арасында предметлер бойынша билимлер беллесиўиниң район (қала)лық басқышы, 9-11-класс оқыўшылары арасында пән олимпиадаларының 3-басқышы өткериледи ҳәм «Биз уллы журт перзентлеримиз» сүрени менен билимлендириў мәкемелериниң баслаўыш ҳәм жоқары класс оқыўшылары арасында  «Балалар спорт командалары» «Жаслық спорт командалары» жарысларының район (қала)лық басқышы өткериледи.

Барлық билимлендириў мәкемелеринде оқыўшы-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған түрли руўхый-ағартыўшылық илажлар, дөретиўшилик ушырасыўлар, интеллектуаллық жарыслар ҳәм көргизбелер шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, республикамыздағы барлық мәлимлеме-ресурс орайлары дем алыс күнлеринде оқыўшылар ушын ашық болып, бул жерлерде түрли мазмундағы илажлар, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятының артыўына хызмет қылады

 

ӨзА