Ҳүкиметлик қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мойнақ районын раўажландырыў қоры жумысларын шөлкемлестириў ҳәм қаржыларынан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Уставқа муўапық, қордың қаржылары төмендегилерге сарпланады:

Мойнақ районы инфраструктурасын жақсылаўға, аўылларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў және ишки жолларды оңлаў;

Районның турақ жай қорының көп квартиралы үйлериндеги улыўмалық пайдаланылатуғын инженерлик коммуникацияларды оңлаўға, үйлерге тутас аймақларды абаданластырыў;

Мәҳәллелер аймағында китапханалар шөлкемлестириўге ҳәм оларды көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў;

Кем тәмийинленген ҳәм жас шаңарақларға жеңилликли кредитлер алыныўында дәслепки төлемниң бир бөлегин ямаса толық қаплаўға және турмыслық техникалық қуралларға болған дәслепки талапты қанаатландырыў;

Аўыллық ҳәм шетки аймақларда жайласқан билимлендириў ҳәм медициналық мәкемелерде ислеў ушын жиберилген хызметкерлерди хызмет орынлары менен тәмийинлеўге.

Қордың бақлаў кеңеси қор жумысларының тийкарғы бағдарларын белгилейди ҳәм қаржылардың бағдарланыўын қадағалайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.