Усы жылы 12-март күни Тақыятас районында республикамыз бойынша 54 кем тәмийинленген шаңараққа Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының қәўендерлигинде жаңа турақ жайларды тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов,  Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының мәсләҳәтшиси, «Ишонч» ҳәм «Ишонч-Доверия» газеталарының бас редакторы Х.Эрматов, Өзбекстан темиржолшылар ҳәм транспорт қурылысшылары кәсиплик аўқамы республикалық Кеңесиниң баслығы Қ.Сабиров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде кем тәмийинленген шаңарақларға көрсетилип атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрьдеги  «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен елимиз бойлап кең көлемли қайырқомлық илажлары алып барылмақта. Бул бойынша мәнзилли бағдарлама ислеп шығылып, бизиң республикамыздың өзинен 112 шаңарақты жаңа турақ жай менен тәмийинлеў, 560 шаңарақтың турақ жайын оңлап бериў, 192 шаңараққа медициналық хызмет көрсетиў, 3444 шаңарақты электр хожалық буйымлары менен тәмийинлеў нәзерде тутылған. Усы мақсетлер ушын Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен 18  миллиард 204 миллион сумнан зыят қаржы ажыратылды.

Соннан усы күнге шекем  63 шаңарақ жаңа турақ жай менен тәмийинленген болса,  Төрткүл, Қараөзек, Кегейли районларының ҳәр биринде 5, Нөкис, Хожели, Елликқала районларында бир турақ жайдан жаңадан қурылмақта.  Буннан тысқары, 560 шаңарақтан 504 шаңарақтың турақ жайы оңланып берилди. Қалғанлары жақын күнлерде питкериледи. Буның ушын 5 миллиард 241,7 миллион сумдан зыят қаржы ажыратылды. Соның менен бирге, 188  пуқараға  медициналық жәрдем көрсетилген болса, 3444 пуқара электр хожалық буйымлары менен тәмийинленди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 20-октябрьдеги «Кем тәмийинленген шаңарақларды бәнтлик пенен тәмийинлеў ушын коммерциялық банклер тәрепинен микрокредитлер ажыратыў тәртиби туўралы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында 487 шаңараққа 3 миллиард 93,3 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредит берилди.

Жаңа турақ жай ийелеринен Тақыятас районынан Жумабай Қалилаев, Нөкис районынан Лизахан Жийенбаева, Әмиўдәрья районынан Умида Матниязова, Қоңырат районынан Малика Артықбаева шығып сөйлеп, кем тәмийинленген шаңарақларға, жәрдемге мүтәж ҳәм майыплығы болған шахсларға көрсетилип атырған ғамқорлығы ушын Президентимизге миннетдаршылығын билдирди.

-Турақ жайым болмағанлығынан еки қызым ҳәм еки улым менен усы күнге шекем  райондағы «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйынында вагон үйде жасаўыма туўра келди,-дейди жаңа турақ жай ийелеринен бири Жумабай Қалилаев.-Маған район орайынан еки қабатлы, жанында бағы бар коттежд жай берилди. Ғәрезсиз елимизде ҳеш бир инсанның дыққаттан шетте қалмайтуғынлығына бүгин толық исендим. Бундай ғамқорлығы ушын Президентимизге шын жүректен алғысымды билдиремен.

Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы  Нуржамал Пиралиева қуўанышынан көз жасларын жасыра алмады. Күйеўи қайтыс болып, үш улы менен ҳәр жерде қыйын шараятта жасап келди.  Ол усы аймақтан үш бөлмели жаңа турақ жай менен тәмийинленди.

Буннан кейин 54 кем тәмийинленген шаңараққа  жаңа турақ жайлардың гилти салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Қатнасыўшылар жаңа турақ жайларда жаратылған шараятлар менен танысты.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.