Өзбекстан Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўы, алдын берилген ўазыйпалардың орынланыўы менен танысыў, жаңа перспективалы жойбарларды белгилеў мақсетинде 12-март күни Наўайы ўәлаятына барды.

 Мәмлекетимиз басшысы 2018-жыл март айында ўәлаятқа сапары ўақтында берген усыныслары, тапсырмаларының орынланыўы нәтийжесинде ўәлаяттың экономикалық-социаллық турмысында үлкен сапа өзгерислери бақланды.

Атап айтқанда, ўәлаятта 2018-жылы жалпы аймақлық өнимниң көлеми 21 триллион 729 миллиард сумды қурады. Жыллық санаат өнимлерин ислеп шығарыў 103,2 процентке, қурылыс жумысларының көлеми 128,5 процентке, аўыл хожалығы өнимлери 103,9 процентке, көтере  саўда айланысы 106,6 процентке, хызметлер көлеми 111,8 процентке артты.

Өткен жылы ўәлаятта 298 миллион 651 мың 400 долларлық өним экспорт етилди.

Бүгин ўәлаятта «Наўайы кән-металлургия комбинаты» мәмлекетлик кәрханасы, «Наўайыазот», «Қызылқумцемент», «Наўайыдәнөнимлери», «Наўайы ыссылық электростанциясы» АЖ сыяқлы 20 ға шамалас ири санаат кәрханалары жумыс алып бармақта.

Сондай-ақ, «Бахт-текстиль», «Электрохимиязаводы», «Кармана гипс өнимлери», «Нәўбәҳәр текстиль», «Bagil-Medikal-New technology», «Uz-Kor Silicon» сыяқлы 112 қоспа ҳәм сырт ел кәрханаларында өндирис жолға қойылған.

Аймақта бүгин 9 мың 143 киши бизнес субъектлери жумыс алып барып атырған болып, соның ишинде, 181 шарўашылық, 61 балықшылық ҳәм 11 қусшылық хожалықлары тәрепинен халыққа сапалы өнимлер жеткерип берилмекте.

Өткен жылы ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде улыўма баҳасы 10 триллион 59 миллиард сумлық тиккелей сырт ел инвестициялары тартылды.

Мәмлекетимиз басшысына өткен жылғы сапары ўақтында сырт ел инвестициялары қатнасындағы ири жойбарлар бойынша толық мағлыўматлар берилген еди. Атап айтқанда, Зарафшан қаласында кварц шийки-затынан айна өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбарының презентациясы өткерилген еди.

«Зарафшон Ойна» ЖШЖ тәрепинен Германия технологиясына тийкарланған 97,5 миллион Евро баҳасындағы өндирис қуўатлылығын жолға қойыў нәзерде тутылған болып, 2019-жылдың 4-шерегинде жумыс баслайтуғын кәрханада жылына 10 миллион метр квадрат айна ислеп шығарылады. Нәтийжеде 350 адам турақлы жумыс орнына ийе болады.

Ҳәзирги ўақытта кәрхана Германияның «Horn Glass Industries» компаниясы менен технология алып келиў ушын сөйлесиўлер алып бармақта. Ең тийкарғысы, бул жерде ислеп шығарылатуғын өнимниң 85 проценти ишки ҳәм 15 проценти сыртқы базарға сатылады.

Ўәлаяттағы және бир ири жойбар – «Наўайыазот» АЖда каустикалық сода, поливинилхлорид ҳәм метанол ислеп шығарыў комплекслериниң иске түсирилиўи үстинде жумыслар тез пәт пенен әмелге асырылмақта.

Бул өндирис тармағы 2019-жылдың сентябрь айында өз жумысын баслағаннан соң 903 жаңа жумыс орны жаратылады. Бүгинги күнге шекем объектте 391,6 миллион доллар қаржы өзлестирилип, 94 процент әсбап-үскенелер келтирилди ҳәм 84 процент үскене орынларына орнатылды. Улыўмаластырып айтқанда, жойбар шеңберинде 88 процент жумыслар орынланған.

Бул сапар етиў барысында Нурата ҳәм Кармана районлары, Наўайы қаласындағы жаңа кәрханалар, социаллық объектлер, энергетика, химия ҳәм балықшылық комплекслери менен танысыў режелестирилген.

Нуриддин Раҳимов, ӨзА