Буннан алдын айырым пуқараларымыздың тийисли кәрханалар менен шәртнама дүзип, миллионлап ақшаны өз ўақтында алдыннан төлеген болса да, автомашиналарын өз ўақтында ала алмай ямаса кешиктирип алып атырғанлығы, яки шәртнама бойынша автомашина Нөкис қаласына шекем алып келиниўи керек болса да, Хазарасп қаласына шекем алып келинип, тутыныўшылардың ҳуқықлары бузылып атырғанлығы туўралы мағлыўматлар берилген еди.

Бундай жағдайлардың еле де ушырасып атырғанлығы ашынарлы жағдай.

Атап айтқанда, Кегейли районы Ақтуба аўылында жасайтуғын пуқара Қ.Юсупов 2018-жыл 12-июнь күни ақ реңли «NEXIA 3»    автомашинасын лизинг тийкарында сатып алыў ушын «Умидсавдо-файзинвест» ЖШЖ менен шәртнама дүзип, 33 миллион 400 мың 272 сум ақшаны өз ўақтында төлеген болса да, 250 күннен берли автомашинасын ала алмапты.

Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы тәрепинен бизге берилген мағлыўматларға қарағанда, усы пуқара жақында Кегейли районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине бул туўралы мүрәжат еткен екен. Онда ол төлеген ақшаларының 18 миллион 826 мың 272 сумын пластикалық карточка арқалы, 14 миллион 574 мың сумын нақ ақшада бергенин көрсеткен.

Мүрәжат жәмийет қәнигелери тәрепинен үйренип шығылып, пуқара Қ.Юсупов 10 күн ишинде төлеген ақшаларын толық қайтарып алды.

– Шәртнама бойынша пул төленгеннен кейин  120 күн ишинде автомобиль тутыныўшыға жеткерип берилиўи керек болса да, усы күнге шекем автомобиль алып келинбеди,-дейди Қ.Юсупов. – Бүгин мен жоғалтып алған ақшаларымды сегиз айдан берли енди таўып алғанға уқсап турыппан. Пулларымды қайтарып алып бергени ушын жәмийет қәнигелерине өз миннетдаршылығымды билдиремен.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.