Мәмлекетимиздиң арқа дәрўазасы есапланған «Даўыт-ата» шегара бажыхана посты хызметкерлери мәмлекетимизге жасырын түрде алып келиўге ҳәрекет етилип атырған товар материаллық байлықлардың нызамсыз айланысына өз ўақтында шек қойды.

Соның ишинде, усы пост хызметкерлери тәрепинен Р.М бажыхана бақлаўынан жасырын түрде баҳасы 16 миллион сумнан артық 2 түрдеги  69 дана биологиялық актив қосымшаларды нызамға қайшы түрде мәмлекетимизге алып кирип атырған ўақтында тоқтатып қалынған болса, пуқаралар К.У ҳәм С.С тәрепинен баҳасы 16 миллион сумнан артық болған 403 дана бас кийимди жасырын жол менен алып кириўге болған ҳәрекетлерине өз ўақтында шек қойылды.

Сондай-ақ, және бир пуқара О.А өзиниң «Лада Ларгус» маркалы автомашинасында мәмлекетимизге кирип киятырған ўақтында дерлик 10 миллион сумлық 63 дана өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўши үскене бөлеклерин нызамсыз түрде алып кириўге ҳәрекет еткени анықланған.

Және де, пуқара Т.С тәрепинен баҳасы 4 миллион сумға тең болған 20 шишадан ибарат «Jack Daniels» атамасындағы виски алкоголь өнимлерин бажыхана бақлаўынан жасырыўға урынған ўақтында тоқтатып қалынған болса, пуқара А.Ж тәрепинен баҳасы 14 миллион сумлық, пуқара Э.Д тәрепинен баҳасы 8 миллион сумнан зыятырақ, Р.Р тәрепинен баҳасы 6 миллион сумнан көбирек, М.С тәрепинен болса дерлик 4  миллион сумлық 34 түрдеги 1282 дана парфюмерия өнимлериниң мәмлекетимизге нызамсыз түрде алып келиниўиниң алды алынған.

Ҳәзирги ўақытта усы жағдайлар бойынша бажыхана тексериўлери даўам еттирилмекте.

ӨзА