Орынларда ҳайўанларды идентификациялаў, яғный есапқа алыў жумыслары баслап жиберилди. Бузаў, қозы, ылақ ҳәм бота туўылғаннан он төрт күн өтип, бир айдан кешикпеген мүддетте, қулын ҳәм ешек төрт айлығынан, доңыз бир айлығынан, күшик ҳәм пышықтың баласы үш айлығынан есапқа алынады.

Бул процесс қарамал, қой, түйе, ат, ешек, доңыз, ит ҳәм пышық сыяқлы ҳайўанлар арасында әмелге асырылмақта. Ҳәр бир ҳайўанның түрине тағылатуғын атрибут түри, ҳайўанларды электрон тәризде есапқа алыў ҳәм есаптан шығарыў системасының ислеў процесин есапқа алған ҳалда сырт ел тәжирийбелери тийкарында алып барылмақта.

photo5192695906057693884.jpg

-Иссы климатымызға сай келетуғын атрибутлар стандарттан өткерилди,-дейди Мәмлекетлик ветеринария комитети баслығының орынбасары Аброр Акбаров.-Буған шекем Түркия ҳәм Швецария атрибутлары үйренип шығылды. Кейин ала атрибутлар өлшеми, электрон биркаларға 15 ханалы қайталанбайтуғын номер берилгенлиги, реңи, реңсизлиги, антиалергиялық шийки зат өниминен таярланғанлығы және ыссы климат шараятына шыдамлылығы Мәмлекетлик стандарттан өткериледи. Ҳәзирги ўақытта халықаралық экспертлер менен биргеликте жумыс алып барылмақта.

Халықаралық эксперт Слобаден Чокревскийдың пикирине бола, Өзбекстанда идентификацияланған ҳайўанларды бирден-бир электрон мағлыўматлар базасына киргизиў арқалы азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин, халықты сапалы шарўашылық өнимлери менен тәмийинлеў, сондай-ақ, адамлар арасында ҳайўанларға байланыслы болған түрли кеселликлердиң келип щығыўының алдын алыўға ерисиў мүмкин. Сондай-ақ, шарўашылық өнимлериниң сырт еллерге экспорт етилиўинде бир қанша қолайлылық жаратыўы мүмкин екенлигин айрықша атап өтти.

photo5192874808625441313.jpg

Ҳәзирги ўақытта Ташкент ўәлаятында бул бағдардағы жумыслар баслап жиберилди. Онда ҳайўанларға идентификация номери берилгеннен соң үш жумыс күнинде мәмлекетлик ветеринария хызмети ўәкили ҳайўанның ийесине ветеринария паспортын рәсмийлестирмекте. Бул паспортқа район(қалалық)ветеринария бөлими баслығы тәрепинен қол қойылып, мөр басылады.

Сақланып (бағылып) атырған ҳәр бир бас ҳайўанға ветеринария паспорты рәсмийлестириледи (қой ҳәм ешкиге топар усылында ветеринария паспорты рәсмийлестирилиўи мүмкин).

photo5192874808625441314.jpg

Ветеринария паспортына ҳайўанлардың идентификация номери(жаңа туўылған ҳайўан менен бирге, оны туўған ҳайўан ҳаққындағы мағлыўмат та киргизиледи), ҳайўанлардың кеселликлерге қарсы профилактикасы ҳәм оларды емлеў илажлары ҳаққындағы мағлыўматлар киргизиледи. Кейин ала профилактика, диагноз қойыў ҳәм емлеў илажлары өткерилгенде, ҳайўанның ийеси өзгергенде сондай-ақ, басқа да жағдайларда паспортқа мағлыўматлар киргизилип барылады.

Егер ветеринария паспорты жойтылса ямаса жарамсыз жағдайға келип қалса, тийисли тәртипте оның дубликаты бериледи.

Бул илаж басқышпа-басқыш басқа ўәлаятларда да әмелге асырылыўы режелестирилмекте.

ӨзА