Усы жыл 11-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда  әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның, соның ишинде, социаллық тараўды раўажландырыў бойынша ўазыйпалардың орынланыўына бағышланған семинар болып өтти.

Видеоселектор тәризинде өткерилген илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинарды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. Ерниязов басқарып барды.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев шығып сөйлеп, Мәмлекетлик бағдарламада Қарақалпақстан Республикасында социаллық тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында елимиз экономикасының барлық тараўларында түпкиликли өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте.  Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған Пәрманлар менен қарарлар социаллық-экономикалық раўажланыўларда, халқымыздың бахытлы және абадан турмысын тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Соның ишинде, исбилерменликти раўажландырыў, заманагөй ири кәрханаларды иске түсириў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спорт объектлерин қурыў бағдарында кең көлемли дөретиўшилик жумыслар алып барылмақта.

Тараўдағы кең көлемли реформалар халқымыздың турмысынан разы болып жасаўына, перзентлеримиздиң кәмил инсанлар болып жетилисиўи жолындағы ийгиликли ислерге хызмет етпекте. Өткен жылдың өзинде 163 миллиард сумлық қаржы есабынан 22 улыўма билим бериў мектебинде, 51 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде, 22 денсаўлықты сақлаў ҳәм 5 балалар спорты объектинде қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылып, пайдаланыўға тапсырылғаны буның айқын мысалы болып табылады.

Буннан тысқары, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында 81 социаллық обектте 45,7 миллиард сумлық ремонт жумыслары әмелге асырылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң өткен жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары даўамында қала ҳәм районларымызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, исбилерменликке кең жол ашыў, сырт ел инвестицияларын тартыў, халқымызға барлық қолайлы жағдайларды жаратыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берген еди.  Бул бағдарда быйылғы жылы 54 социаллық объектте 185 миллиард сумға шамалас қаржы есабынан қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилмекте. Соның ишинде, 19 улыўма билим бериў мектебинде 44,4  миллиард сумлық, 4 Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде 15,9 миллиард сумлық, 18 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде 53,6 миллиард сумлық, 11  денсаўлықты сақлаў объектинде 41,6 миллиард сумлық қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары алып барылады.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, 2019-2020-жыллар даўамында 11 триллион 282 миллиард сумлық инвестиция есабынан жәми 793 жойбарды әмелге асырыў жумыслары баслап жиберилди. Президентимиздиң республикамыз, соның ишинде Мойнақ районы халқына болған айрықша итибары нәтийжесинде районды комплекли раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама қабыл етилип, усы тийкарда 2019-2021-жылларда 1 триллион 485 миллиард сумлық қурылыс ҳәм реконструкция жумысларын алып барыў нәзерде тутылмақта. Соннан быйылғы жылдың өзинде, 622 миллиард сумлық қаржы есабынан 40 социаллық объектте қурылыс-оңлаў, 20 көп қабатлы турақ жайда қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Улыўма усы жыллар даўамында Мойнақ районында санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында 26 триллион 975 миллиард сумлық 75 жойбарды әмелге асырыў жумыслары алып барылады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри У.Сабуров, Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев, Мәденият министри Қ.Турдиев, Халық билимлендириў министри А.Аяпов, «Нураний» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов шығып сөйлеп, «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы талапларын орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.