Жақында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң өткен жылдың жуўмақлары ҳәм быйылғы жылға белгиленген ўазыйпаларға бағышланған Коллегия мәжилиси болып өтти.

 Илажда Халық билимлендириў тараўын 2018-жылда раўажландырыўдың жуўмақлары ҳәм быйылғы жылдағы алда турған ўазыйпалар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов баянат жасады.

Буннан кейин министрликке қараслы мәлимлеме-китапхана орайларының китап қорын жаңа әдебиятлар менен толықтырыў, оқыўшы жасларда китап оқыў мәдениятын қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў бойынша әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери ҳаққында (Кегейли, Нөкис, Қанлыкөл районлары мысалында) Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы Мәлимлеме-ресурс орайының директоры З.Сейтниязова, 2018-2019-оқыў жылының биринши ярым жыллығы жуўмақлары бойынша 8-11-класс оқыўшыларының билим сапасы мониторинги ҳаққында (Төрткүл, Беруний, Әмиўдәрья, Қоңырат, Шоманай, Қараөзек, Шымбай районлары мысалында) министрликтиң бөлим баслығы Х. Бегдуллаев,  район(қала)лық Халық билимлендириў бөлимлериндеги методикалық хызмет көрсетиў бөлимлери методистлери жумысларының нәтийжелилигин үйрениў, методикалық зәрүрликлерин анықлаў ҳәм олардың материаллық-техникалық базасы менен тәмийинлениў жағдайы туўралы Республикалық оқыў-методикалық орайы директоры Қ.Жубановтың мәлимлемелери тыңланды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң өткен жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары даўамында барлық тараўлар сыяқлы халық билимлендириў тараўында да әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп берди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында  10 улыўма билим бериў мектебин  реконструкциялаў, капитал ҳәм жеңил оңлаў, районлық халық билимлендириў бөлимине жаңадан заманагөй типте имарат қурыў, барлық мектеплерди зәрүр инвентарьлар ҳәм лабораториялық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, 2019-2020-жылларда программаластырыўды терең үйретиўге қәнигелестирилген инновациялық мектеп қурыў ўазыйпасы белгиленди. Сондай-ақ, район орайында 18х36 өлшемдеги спорт зал қурыў, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебин ҳәм футбол майданшасын реконструкциялаў нәзерде тутылған. Нөкис қаласында Президент мектебиниң қурылыс жумыслары басланғанлығын айрықша атап өтиў керек.

Өткен жылы Инвестициялық бағдарлама тийкарында бир мектеп жаңадан қурылып, 15 мектепте реконструкция, 6 мектепте ири оңлаў жумыслары алып барылған болса, «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында 32, жергиликли бюджет есабынан 98 улыўма билим бериў мектебинде қурылыс-оңлаў жумыслары толығы менен орынланды.  Соннан «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылған мектеплер 11234,9 миллион сумлық мебель ҳәм инвентарьлар менен тәмийинленди.

Улыўма билим бериў мектеплериниң 5-11-класс оқыўшылары ушын «Қарақалпақстан тарийхы» сабақлығын баспадан шығарыў ушын жергиликли бюджеттен 766 миллион 415 мың сум қаржы ажыратылды. Соның нәтийжесинде оқыў қарақалпақ тилинде жүргизилетуғын 5-9-класс оқыўшылары ушын 50615 дана, оқыў өзбек тилинде жүргизилетуғын класс оқыўшылары ушын 62247 дана сабақлық баспадан шығарылып, мектеплерге жеткерип берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы 706 улыўма билим бериў мектебинен 643 мектеп заманагөй компьютер техникалары менен тәмийинленген болса, 668 мектеп ZiyoNet тармағына жалғанған.  Қалған мектеплерди де бағдарлама тийкарында компьютер техникасы менен тәмийинлеў бойынша Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине тийисли тәртипте усыныс етилди.

«Улыўма билим бериў мектеплериниң 5-9-классларында  информатика ҳәм шет тиллери пәнин оқытыў нәтийжелилигин арттырыў» (1-басқыш) жойбары көлеминде Қытай Халық Республикасы ҳүкимети тәрепинен ажыратылған грантлар есабынан  улыўма билим бериў мектеплерине 98 комплект компьютер техникасы қурылмалары жеткерип берилди. Соның менен бирге,  «Мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириўди раўажландырыў» жойбары тийкарында Жәҳән банкиниң кредит қаржылары есабынан  жеткерип берилген 32 компьютер класы тийисли мектеплерге орнатылды.

Илажда тараўдағы усындай жетискенликлер менен бир қатарда орын алып атырған кемшиликлер атап өтилди. Атап айтқанда, мектеп оқыўшылары арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, тараў хызметкерлериниң үй қапталы қыйтақ жерлерине егин егиў жумыслары бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Коллегия мәжилисине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.