Аралдың қурыған майданы – Мойнақ районынан 200 километр узақлықтағы Возрождение атаўы аймағындағы Шағала деп аталатуғын орында усы жылдың январь айында жер асты душшы суўы табылған еди. Усы атылып шығып атырған суў дәреги әтирапында көл пайда болды ҳәм ол жерге қуслар ушып келе баслады. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар берди.

– Ҳәзирги ўақытта биз Возрожение атаўы аймағында, яғный биринши қазылған қудықтың қасынан және бир қудық қаздық, – дейди Арал бойы дала гидрогеологиялық экспедициясының баслығы Шавкат Олимов. – Бул қудықтың суўы да душшы болып, қаттылығы 2,5 миллиграмм эквивалентке, минералласыўы болса литрине 2,5 граммға тең. Бул биринши қудықтың суўына қарағанда да душшы екени мәлим болды. Екинши қудықтан секундына 4-5 литр суў шықпақта. Ҳәзирги ўақытта атылып шығып атырған суўдың әтирапы көлге айланбақта. Ол жерге балықшы қуслар келе баслады. Аралға өмир қайтпақта. Бул әжайыбатларды биз өз көзимиз бенен көрип атырмыз. Басқа аймақлардан да қудықлардың бағдарлары изленбекте.

Қудықлар саны көбейсе, әлбетте, бул жерде ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясы раўажланады, шарўашылық жолға қойылады ҳәм басқа көплеген социаллық-экономикалық және экологиялық машқалаларға шешим табылады.

Ҳәзирги ўақытта Аралдың қурыған майданында қудықлар қазыў ушын 10 бригада тартылған, олар белгиленген аймақларда бурғылаў жумысларын алып бармақта. Бүгинги күнде және еки қудық 300 метрге шамалас қазылды. Бул орынлардан суў шығыўы күтилмекте.

Быйылғы жылы усындай қудықлардан 50 и қазылыўы жобаластырылған. Сондай-ақ, Арал бойы аймағындағы районларда өткен әсирде қазылып, суў шығарылған, бирақ жыллар өтиўи менен жарамсыз жағдайға келип қалған қудықларды қайта тиклеў бойынша да көрсетпелер берилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги